Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Улыўма орта билимлендириў мектеплериниң муғаллимлериниң мийнетин қосымша хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбарын додалаўға қойды.

Қарардың жойбарында төмендегилер де келтирилген:

Аймақлық, республикалық ҳәм халықаралық пән олимпиадаларында сыйлы орынларды қолға киргизген оқыўшыларды тәрбиялаған улыўма орта билимлендириў мектеплери педагог кадрлары6 төмендеги тәртипте ең кем айлық мийнет ҳақының 5 есесинен 50 есесине шекем муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен сыйлықланыўы белгилеп қойылсын:

– пән олимпиадаларының екинши (районлық, қалалық) басқышында 1-, 2-, 3-орынларды қолға киргизген улыўма орта билимлендириў мектеплериниң оқыўшыларын таярлаған педагогларға – ең кем айлық мийнет ҳақының тийисли түрде 10, 9, 8 есеси муғдарында;

– пән олимпиадаларының үшинши (ўәлаятлық) басқышында 1-, 2-, 3-, 4-, 5-орынлары қолға киргизген улыўма орта билимлендириў мектеплериниң оқыўшыларын таярлаған педагогларға – ең кем айлық мийнет ҳақының тийисли түрде 20, 15, 13, 11, 10 есеси муғдарында;

– пән олимпиадаларының төртинши (республикалық) басқышында 1-, 2-, 3-орынлары қолға киргизген улыўма орта билимлендириў мектеплериниң оқыўшыларын таярлаған педагогларға – ең кем айлық мийнет ҳақының тийисли түрде 40, 35, 30 есеси муғдарында;

– пән олимпиадаларының cыйлы орынларын қолға киргизген алтын, гүмис, бронза медальларының ийеси болған улыўма орта билимлендириў мектеплериниң оқыўшыларын таярлаған педагогларға – ең кем айлық мийнет ҳақының 50, 45, 40 есеси муғдарында.

Аймақлық республикалық ҳәм халықаралық пән олимпиадаларында сыйлы орынларды қолға киргизген оқыўшыларды таярлаған педагоглар белгиленген тәртипте улыўма билим бериў мектеплери жанындағы арнаўлы комиссияның қарары тийкарында улыўма орта билимлендириў мектеплери директорларының буйрығы менен бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Қарардың жойбары 30-октябрьге шекем додаланады.

ӨзА