Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Тынышлық-ең жоқары инам», «Исламда экстремизм ҳәм терроризмге орын жоқ», «Диний экстремистлик ағымлар, миссионерлик-мәмлекет ҳәм жәмийетке қәўип» темаларында ушырасыў болып өтти.

 Илажды университет ректоры А.Реймов басқарып барды. Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Г.Аннақлышева, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық кеңеси баслығының орынбасары Б.Аралбаева, республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов Нөкис қаласындағы «Имам ийшан Мухаммед» жомъе мешити имамының орынбасары А.Жолаўшиев, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасының бөлим прокуроры Б.Абдуллаева, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ҳуқықбузарлық профилактикасы басқармасының бөлим баслығы А.Сержанов шығып сөйлеп, диний экстремизм, терроризм ҳәм басқа да жат иллетлердиң халқымыздың бүгинги тыныш және абадан турмысына, жасларымыздың бахытлы келешегине келтиретуғын унамсыз ақыбетине кең түрде тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, өзиниң раўажланыў жолын таңлаған ғәрезсиз елимизде өткен қысқа дәўир ишинде барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылды. Соның ишинде, Президентимиздиң басшылығында елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықты сақлаў, беккем аўызбиршилик және татыўлықта жасап киятырған түрли миллет ўәкиллериниң бахытлы турмысын тәмийинлеў бағдарында алып барып атырған әдил сиясат жәҳән жәмийетшилиги арасында айрықша қызығыўшылық оятпақта.

Деген менен дүньяның айырым жерлеринде динди нықап етип, елдиң тынышлығын, халықтың абадан турмысын бузыўға урынып атырған террористлик ағымлар, жаўыз күшлер де көбейип бармақта. Олар тәрепинен әмелге асырылып атырған бузғыншылық ҳәрекетлер, ең баслысы, бийгүна халықтың, жас нәрестелердиң қурбан болып атырғанлығы ҳәр биримизди сергек болыўға, елимизди усындай күшлерден қорғаўға шақырады.

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен усы жылдың октябрь-ноябрь айларында елимиздиң барлық жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары  ҳәм студент жаслары арасында дөгерек сәўбетлерин, ағартыўшылық илажларын өткериў белгиленген. Бундағы тийкарғы мақсет, жасларымызды усындай жаўыз күшлерден сақлаў, оларды бундай ағымлардан аўлақ болыўға шақырыўдан ибарат.

-Ҳақыйқатында да, биз жаслардың ҳәр тәреплеме терең билим алыўымыз, белгили бир кәсип ийеси болып жетилисиўимиз ушын барлық шараят жаратылған,-дейди техника факультетиниң студенти Шахло Қалилаева.-Сонлықтанда, бундай итибар және ғамқорлықтың қәдирине жетиўимиз, бизлердиң тыныш-татыў турмысымызды, бахытлы келешегимизди көре алмайтуғын бундай күшлерге қарсы биргеликте гүресиўимиз тийис.

Усы темадағы илажлар республикамыздың басқа да жоқары оқыў орынларында болып өтпекте.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.