15-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимухамедов пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сәўбет алдында турақлылыққа ийе болған жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер менен ушырасыўлар туўысқан халықларымыздың көп әсирлик дослығын, өз-ара ҳүрмет, қоллап-қуўатлаў  ҳәм мәплерди есапқа алыў принциплери тийкарында еллеримиз арасындағы жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге, еки тәреплеме пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президентин ғалаба хабар қуралларын раўажландырыўға қосқан салмақлы үлеси ушын Азия-Тыныш океаны телерадиоеситтириўлер аўқамы сыйлығы ийеси болғаны менен шын жүректен қутлықлады.

Усы жыл август айында Авазада Түркменстан Президенти басшылығында табыслы өткерилген Халықаралық Аралды қутқарыў қоры саммитиниң пайдалы нәтийжелери жоқары баҳаланды. Экология мәселелери, соның ишинде, Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў Орайлық Азияның турақлы раўажланыўы ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Түркменстан Президенти мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қутлықлағаны ушын миннетдаршылық билдирип, еки тәреплеме қатнасықлар избе-из беккемленип атырғанын айрықша атап өтти.

Саўда, өндирис кооперациясы, энергетика, пайдалы транспорт коммуникацияларын раўажландырыў ҳәм басқа да тараўларда өз-ара бирге ислесиў перспективалары додаланды. Аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Атап айтқанда, усы жыл 14-октябрь күни Термиз қаласында Түркменстан дөретиўшилик жәмийетлериниң қатнасыўында концерт табыслы өткени атап өтилди.

Сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды.

Сөйлесиў соңында мәмлекет басшылары туўысқан еллеримиз арасындағы жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге умытылысларының исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.

ӨзА