Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-октябрь күни мәмлекетимизге әмелий сапар менен келген Экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Россия ҳүкиметлераралық комиссиясының Россия тәрепинен баслықтың орынбасары, Россия Федерациясы экономикалық раўажланыў министри Максим Орешкинди қабыл етти. Бул ҳаққында Өзбекстан президентиниң баспасөз хызмети хабар бермекте.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, еллеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары избе-из раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Жоқары дәрежедеги турақлы ушырасыўлар еки тәреплеме байланысларды жоқары дәрежеде жеделлестириўге хызмет етти. Соңғы жылы жоқары дәрежеде 80 нен аслам өз-ара сапар етиўлер шөлкемлестирилди. Сентябрь айында еки мәмлекет ҳүкиметлери басшыларының басшылығында Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси нәтийжели өтти. Кейинги айларда мәмлекетимиз аймақлары Россияның 28 субъекти менен шериклик қатнасықларын жолға қойды.

Усы жылдың басынан берли товар алмасыўдың көлеми 20 проценттен зыят артты. Өтимли өнимлерди өз-ара жеткерип бериўди көбейтиў, инфраструктураны раўажландырыў, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында кооперацияны күшейтиў ҳәм перспективалы қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Жақын күнлерде Ташкент қаласында еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында биринши мәрте Өзбекстан ҳәм Россия аймақлары және жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының форумлары болып өтеди. Бул форумларда еки мәмлекет аймақларының, компаниялары менен кәрханаларының, жоқары оқыў орынларының басшылары қатнасады.

Ушырасыўда Россия Федерациясы Президентиниң Өзбекстан Республикасына болажақ мәмлекетлик сапарының күн тәртибиндеги экономикалық мәселелер бойынша пикир алысылды.

Экономикалық раўажланыў министри мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирип, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин және Ҳүкимет Баслығы Дмитрий Медведевтиң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўдан еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.

ӨзА