Ташкент қаласында 12-октябрь күни Ғәрезсиз МәмлекетлерДИң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер Қорғаныў министрлери кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан қорғаныў министри А.Азизов, Әзербайжан қорғаныў министри З.Гасанов, Армения қорғаныў министри Д.Тоноян, Беларусь қорғаныў министри А.Равков, Қазақстан қорғаныў министри Н.Ермекбаев, Россия қорғаныў министри С.Шойгу, Тәжикстан қорғаныў министри Ш.Мирзо, Қырғызстан Қураллы Күшлери Бас штабының баслығы Р.Дүйшенбиев ҳәм ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң Қорғаныў министрлери кеңесиниң бас хаткери Ю.Дашкин қатнасты.

Ушырасыўға Россия Федерациясы Қорғаныў министри, армия генералы Сергей Шойгу басшылық етти. Пикирлесиў ўақтында қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Мәжилисте жақын ҳәм алыс еллерде қәўип-қәтерлер күшейип, турақлылықты тәмийинлеў мәселеси глобал характер ийелеп атырғаны, Өзбекстанда биринши мәрте өткерилип атырған ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң Қорғаныў министрлери кеңесиниң мәжилиси  көп тәреплеме әскерий бирге ислесиўдиң кеңейиўи ушын әҳмийетли платформа екенлиги атап өтилди. Структура өз жумысы даўамында көп тәреплеме әскерий бирге ислесиўди тәмийинлейтуғын, әскерий тараўдағы сиясат ҳәм әскерий қурылыс, келиспеўшиликлерди сапластырыўға қаратылған усынысларды ислеп шығатуғын әмелий уйым сыпатында қәлиплесип үлгергени атап өтилди.

Қорғаныў министрлери бүгинги оғада қурамалы жағдайда ҳәр қандай ушырасыў ҳәм пикир алысыў, терроризм, радикализм, экстремизм ҳәм наркотрафикалық, жүзеге келип атырған қарама-қарсылықларға биргеликте шешим табыў пайдалы болатуғынын айрықша атап өтти.

Өзбекстанда  ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң дерлик барлығы менен әскерий ҳәм әскерий-техникалық бағдардағы байланысларға айрықша итибар қаратпақта. Өзбекстан ўәкиллери Кеңестиң барлық комитетлериниң жумысында қатнаспақта. Әскерий разведка ҳәм мәлимлеме алмасыўы тараўындағы бирге ислесиў кеңеймекте. Елимиз әскерлери Халықаралық армия ойынлары, олимпиадалар ҳәм әскерий хызметкерлер арасындағы спорт жарысларында белсене қатнасып келмекте.

Илажда күн тәртибинен орын алған- ҒМДАға ағза мәмлекетлер Қураллы Күшлери авиация пәрўазлары тараўындағы бирге ислесиў, Бирден-бир радиакцион идентификация системасын әмелге асырыў, әскерий билим орынларының курсантлары арасында пән олимпиадаларын өткериў, Екинши  жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығына бағышланған бирликтеги илажларды биргеликте әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Кеңес ағзалары Қорғаныў министрлери кеңесиниң  2019-жыл ушын мөлшерленген көп қырлы жумыслар режесин тастыйықлады. ҒМДАға ағза еллер Қураллы Күшлериниң бирлескен байланыс системасын раўажландырыў, 2019-жылы ҒМДАға ағза мәмлекетлер Ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў ҳәм әскерий ҳаўа күшлериниң армиясы сәркардаларының бирликтеги шынығыўларын өткериў, 2022-жылға шекем Қураллы Күшлер жумысының программалық тәмийнаты, навигация, метрология, топография ҳәм геодезия тараўында бирге ислесиўди шөлкемлестириўге бағдарланған ҳүжжетлерге де қол қойылды.

Сондай-ақ,  мәжилисте Орайлық Азиядағы жағдай, халықаралық терроризмге қарсы гүресиў жолындағы тийкарғы ўазыйпалар, өз-ара әскерий бирге ислесиўди раўажландырыў, радиациялық, химиялық ҳәм биологиялық жағдайды баҳалаў ҳәм қадағалаўда Бирлескен системаның перспективалары додаланды.

Қорғаныў уйымларының басшыларына Өзбекстан Республикасы қорғаныў министриниң «Жаўынгерлик  дослық аўқамын беккемлеўдеги хызметлери ушын» естелик белгилери тапсырылды.

 

ӨзА