Президентимиз Шавкат Мирзиёев 12-октябрь күни аўыл хожалығында әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, пахта жыйын-териминиң барысы менен танысыў мақсетинде Ташкент ўәлаяты Бўка районындағы «Валихат ата» фермер хожалығына барды.

Усы жылы ҳаўа-райының қолайсыз келиўи дийқанларымызға бир қатар қыйыншылықлар туўдырды. Әсиресе, бәҳәр мәўсиминде жаўын-шашын аз болғаны себепли шигит егисинде кешигиў бақланды.

Дийқанлардың материаллық мәпдарлығын арттырыў, ғаўаша тәрбиясындағы қалақлықты сапластырыў мақсетинде мәмлекетимиз тәрепинен фермерлерге барлық зәрүр шараятлар жаратып, қосымша агротехникалық илажлар өткериў ушын материаллық ресурслар зәрүр муғдарда ҳәм өз ўақтында жеткерип берилди.

Ташкент ўәлаятында быйыл 75 мың 800 гектар майданда ғаўаша тәрбияланып, ҳәзирги ўақытта жетистирилген зүрәәтти зая етпей жыйнап алыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Фермерлердиң ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланғаны ғаўаша тәрбиясында агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм мол зүрәәт жетистириў имканиятын берди.

Соның ишинде, ўәлаятта жумыс алып барып атырған лабораториялар тәрепинен жеткиликли муғдарда биоөнимлер таярланып, фермер хожалықларына жеткерип берилди. Гөрек қурты ҳәм өрмекши кене сыяқлы зыянкеслерге ҳәм ҳәр қыйлы кеселликлерге қарсы химиялық усылда гүресиў илимий-әмелий қатнас тийкарында алып барылды.

Районларда шөлкемлестирилген механизаторлардың үйлеринде атыз мийнеткешлери ушын қолайлы жумыс ҳәм дем алыў шараяты жаратылғаны ғаўаша тәрбиясында ғәниймет күнлерден өнимли пайдаланыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.

Президентимиз ўәлаяттың бир топар алдыңғы фермер хожалықларының басшылары, аўыл хожалығы тараўының жуўапкер адамлары менен сөйлести.

Быйыл Бўка районының пахтакешлери 13 мың гектарға шамалас майданда ғаўаша тәрбиялады. Жергиликли ықлымға сай, зүрәәтли ғаўаша жақсы раўажланып, шағаладай ашылған.

Ушырасыўда пахта жыйын-терими жумысларының барысы, қайта егин егиўдиң жағдайы,  ўәлаяттың экономикасын буннан былай да раўажландырыў, сырт мәмлекетлер менен бирге ислесиў мәселелери додаланды.

– Быйылғы қурғақшылық дийқанларымыз ушын ҳақыйқый сынақ болды, – деди Президентимиз. – Биз зүрәәтти жетистириў ушын оларға зәрүр шараятлар жаратып бердик. Пахта зүрәәтин жыйнап-терип алыўда баҳа еки есеге көбейтилди. Соның ишинде, Ташкент ўәлаятында бир килограмм пахта ушын 1000 сумнан зыят ақша төленбекте.

Мәмлекетимиз басшысы барлық тараўлар қатарында аўыл хожалығында да тийкарғы мақсет халқымыздың мәпи екенин, қайсы өним көбирек дәрамат келтирсе, сол егинди егиў зәрүрлигин атап өтти.

– Мәпдарлық болыўы ушын кеткен қәрежетти қаплап, пайда көриў керек. Ертеңги күни бүгиннен жақсы болыўы ушын ҳәр бир адам өзи ҳәрекет етиўи керек. Бүгин ким утады – умтылған утады, мийнет еткен утады, – деди Шавкат Мирзиёев.

«Валихон ата» фермер хожалығының 72,6 гектар жер майданы болып, 26 адам мийнет етеди. Быйыл хожалық ғәлледен 222 миллион сум дәрамат алды. 35,6 гектар майданға егилген пахтадан 300 миллион сумнан зыят дәрамат алыўды режелестирмекте.

Фермер хожалығында екилемши егин егиў жумысларына да айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, ғәлледен босаған майданға картошка, палыз, собықлы ҳәм азықлық егинлер егилген. Бул 100 миллион сумнан аслам дәрамат алыў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысы фермер хожалығы атызында сынақтан өткерилип атырған заманагөй пахта териў машинасы менен танысты. Бул машина пахтаны таза теретуғыны, жумыс өнимдарлығы жоқарылығы менен ажыралып турады. Аз қәрежет талап етеди.

Президентимиз пикирлесиўдиң жуўмағында тараўға инновациялық технологияларды кеңирек тартыў, зүрәәтти жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмай жыйнап алыў зәрүрлигин атап өтти.

Ушырасыўда фермерлер бундай ашық пикирлесиўлер күш-қуўат берип, ғайратын арттыратуғынын атап өтти.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршысы