Журналист Миролим Исажонов қандайда бир айыплы ис ислеген пуқараны өзинше жазалап, соң усы жағдай сәўлеленген видеокөринисти социаллық тармақларда тарқатыўға нызамшылықта қандай жаза белгиленгени менен қызықсынды. Төменде журналисттиң усы тема бойынша жазған мақаласын дыққатыңызға усынамыз.

Ақырғы ўақытлары адамлар арасында нызам шеңберинен шығыныў, яғный «өзинше судлаў», «өзбасымшалық пенен жазалаў» ҳәм буларды видеокөриниске түсирип, «өрмекши торы»нда тарқатыў «үрп» болып атырғаны ҳеш кимге де сыр емес.

Быйылғы жылдың өзинде елимизде бир неше «самосуд» жағдайлары бақланып, социаллық тармақ пайдаланыўшылары тәрепинен көплеген пикир-таласларды жүзеге келтирди. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының Беруний районында урлық етиўде гүман етилген жигиттиң қолынан асылып, бийабырой етилиўи, Шаҳрихон районында да урлықта айыпланған ҳаялдың халықтан өзин алып қайшып, жапқа бойын таслап қутылыўы, Ташкент қаласында қылыш пенен қуралланған жигитлер қарыздарлықта айыпланып атырған жигитти қорқытып, машинаға салып алып кетиўи сәўлеленген видеолар онлайн орталық «ағза»ларының ҳеш қайсысы итибардан шетте қалмады.

Хош, усы сыяқлы кеўилге хош келмейтуғын көринислердиң жүзеге келиўине «үлес» қосып атырғанлар ушын нызамшылықта қандай жазалар белгиленген? Бул бағдарда Әдиллик министрлиги басқарма баслығы орынбасары Фурқат Тожиев төмендегилерди мәлим етти:

«Елимизде ҳәр бир пуқараның жеке өмири қолқатылмас ҳәм нызам қорғаўында. Тилекке қарсы, социаллық тармақларда ҳуқықбузарлық ислеўде гүман етилген шахсларды өзбасымшалық пенен жазалаў (самосуд) көриниси сәўлеленген видеокөринислердиң көп ушырасып атырғаны өкинишли. Бас Нызамымыздың 19-статьясына муўапық, пуқаралардың Конституция ҳәм нызамларда беккемлеп қойылған ҳуқық ҳәм еркинликлери қолқатылмас, шахсты усы еркинликлерден судтың қарарысыз айырыўға ямаса оларды шеклеп қойыўға ҳеш ким ҳақылы емес. Жынаят ислегенликте айыпланып атырған ҳәр бир шахстың иси судта нызамлы тәртипте әшкара түрде көрип шығылып, айыбы анықланбағанға шекем ол айыплы есапланбайды».

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 39-статьясында жазылғанындай, арнаўлы ўәкилликли шахслар менен бир қатарда жәбирлениўши ҳәм басқа пуқаралар да қәўипли қылмыс ислеген шахсты услаў ҳуқықына ийе. Бирақ, социаллық жақтан қәўипли қылмыс ислеген шахсты ҳәкимият органларына тапсырыў мақсетинде емес, ал өзбасымшалық пенен жазалаў ушын услаў – шахсқа қастыянлы түрде зыян жеткериў – нызамға қайшы ҳәрекет болып табылады.

Солай болса да, ҳуқықбузарлық ислегенде гүманланып усланған шахсларға айрым пуқаралар тәрепинен ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатлары жеткерилмекте, қорқытқан ҳалда мийримсиз қатнаста болынбақта, жеке қолқатылмаслық ҳуқықы бузылмақта, турпайы сөзлер айтылып, үстиңги кийимсиз жәмийетлик орынларда уялдырыў, бийабырой етиў арқалы инсан абыройы ҳәм қәдир-қымбатын кемситетуғын ис-ҳәрекетлер айрым жағдайларда жүз бермекте.

 

Өзбасымша ҳәрекет ислегенлерге қандай шара көриледи?

Атап өтиў керек, шахс айыплы деп табылған жағдайда да, оған усындай инсанға тән болмаған ис-ҳәрекетлер ислеў жазалаў системасында жоқ. Бундай жағдайлар Жынаят кодексине муўапық, жазаға тартыўға тийкар болады.

Атап айтқанда, Жынаят кодексиниң 104-статьясына муўапық қастыянлы түрде денеге аўыр зыян жеткериў 3 жылдан 5 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланады.

Кодекстиң 139-статьясында жаман нийет ямаса басқа жаман мақсетлерде жала жабылса, 3 жылға шекем азатлықтан айырыў нәзерде тутылған.

Кодекстиң 141-статьясына муўапық, жеке қолқатылмаслық ҳуқықын бузыў жаман нийетте әмелге асырылған болса, 3 жылға шекем азатлықтан айырыў менен жазаланады.

Демек, пуқаралар тәрепинен ҳуқықбузарлық етиўде гүманланып усланған шахсларды өзбасымшалық пенен жазалаў нызамға қайшы ҳәрекет болып табылады.

Сондай-ақ, усы процеслерди видеокөриниске түсирип социаллық тармақларға жайластырыў, зорлық көрсетиў ямаса мийримсизликти үгит-нәсиятлайтуғын өнимди тарқатыў, көрсетиў сыяқлы ҳәрекетлер де ҳәкимшилик және жынайы жуўапкершиликке себеп болады. Соның менен бирге, ғалаба хабар қураллары арқалы берилген хабарлар жынаят исин ашыў ушын тийкар болып хызмет етеди.

 

Аўдарма: Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.