Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиние қараслы «Бәркамал әўлад» балалар орайында «Жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.

Илаждың ашылыў салтанатында атап өтилгениндей, бүгинги күни дүньяның бир қатар еллеринде диний экстремизм, терроризм, нәшебентлик, адам саўдасы, нызамсыз миграция, «ғалабалық мәденият» сыяқлы қәўип-қәтерлер күшейип атырған бир ўақытта бундай таңлаўдың өткерилиўи айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, халқымызды, соның ишинде, жасларымызды  усындай ҳәм басқа да көплеген жат иллетлерге қарсы тәрбиялаў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири болып табылады.

Таңлаў қатнасыўшылары шығарма жазыў, қосық атқарыў, сүўрет салыў бағдарлары бойынша өз-ара беллести.

Илаж жуўмағында шығарма жазыў бағдары бойынша Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 28-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Дильфуза Искендерова,  қосық атқарыў бағдары бойынша Қанлыкөл районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 14-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Динара Ғаипбаева, сүўрет салыў бағдары бойынша Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 42-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 8-класс оқыўшысы Әлийхожа Тилепбаев биринши орынларды ийелеп, таңлаўдың Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алды.

Жеңимпазларға ҳәм сыйлы орын ийелерине Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң диплом және баҳалы саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.