Самарқандта 16-18-октябрь күнлери «Арал теңизи бассейнинде беккем басқарыў ҳәм социаллық турақлылыққа ерисиў ушын инновациялық қатнаслар» темасында халықаралық форум өткериледи. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Оған Әзербайжан, Япония, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, БАӘ ҳәм Өзбекстаннан ўәкиллер қатнасады.

Арал теңизи машқаласынан зардап шегип атырған мәмлекетлердиң бири Өзбекстан болғанлықтан мәмлекеттиң Инновациялық раўажланыў министрлиги, Шорлы топырақлы аймақлардағы аўыл хожалығы халықаралық орайы (ICBA), Самарқанд мәмлекетлик университети тәрепинен Арал теңизи бассейнинде беккем басқарыў ҳәм социаллық турақлылыққа ерисиў ушын инновациялық қатнасларды додалаў мақсетинде халықаралық форум шөлкемлестириледи.

Форум қатнасыўшылары аймақта жасайтуғын халықтың азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, суў ресурсларын қорғаў, халықтың дәраматын арттырыў мақсетинде инновациялық идеялар, илимий излениўлер, жаңа технологиялар ҳәм сиясий илажларды енгизиў бойынша пикир алмасады, тәжирийбелери менен бөлиседи.Сондай-ақ, олар суў ресурсларын комплексли басқарыў ҳәм мағлыўматлар алмасыў, суў ҳәм топырақтың шорын жоқ етиў және тазалаў бойынша усыныслар ислеп шығады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги