Facebook социаллық тармағы пайдаланыўшылары «Қарақалпақстан» телеканалының «Хабар» информациялық бағдарламасының жуўмағында эфирге берилетуғын ҳаўа райы ҳаққындағы мағлыўматта иллюстрациялық көринислердиң берилиўинен наразылық билдирмекте.

Тармақтың белсенди пайдаланыўшыларының бири Равшанбек Файзуллаев 14-октябрь күни жәриялаған постында былай деп жазған:

«Буннан бир неше жыллар алдын «Қарақалпақстан» телерадиоканалының «Хабар» бағдарламасынан берилетуғын ҳаўа райы мағлыўматларының кемшиликлери ҳаққында Facebook’та жазып едим. Сол ўақытта қайсыдур жаңалықлар сайты да сол постымды жазып еди. Арадан сонша жыллар өтсе де ҳеш қандай өзгерис болмапты. Ҳәзир ғана «Хабар»дан ҳаўа райы мағлыўматын көрдим. Ҳәммеге мәлим, ертең пүткил республика бойлап жаўын, қар жаўыўы күтилип атыр. Буны диктор аўызеки айтты, бирақ еле экранда қуяш ҳәм ала бултлар турыпты. Ақыры, бул республика телевидениеси ғой».

Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, «Қарақалпақстан» телеканалы «Хабар» информациялық бағдарламасының ҳаўа райы мағлыўматларындағы бул кемшилик биринши мәрте сынға алынып атырғаны жоқ. Социаллық тармақ пайдаланыўшылары бул кемшиликтиң сапластырылыўы ушын бир неше мәрте постлар ҳәм комментариялар жазып, өз пикирлерин билдирип келмекте.

Пайдаланыўшылар тәрепинен билдирилип атырған бул пикирлер орынлы айтылған. Себеби, булардың барлығы әпиўайы нәрсе болып көрингени менен информация тарқатыўда оның исенимлилигин және бир мәрте беккемлейди.

Бул жағдайға «Қарақалпақстан» телеканалы унамлы шешим табатуғынлығына ҳәм кемшиликти сапластыратуғынлығына исенип қаламыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.