Малайзия жақын ўақытта өлим жазасын бийкар етеди делинеди New Straits Times газетасы интернет -қосымшасының мәмлекет бас министри админстрациясының дәрегине тийкарланып тарқатқан хабарында.

Бас министр Лиу Вуи Кеонг мәмлекетте өлим жазасының бийкар етилиўи министрлер кабинетинде тастыйықланып, парламент додалаўына киргизилгенин мәлим еткен.

Енди бул мәселе төменги палатаның 15-октябрьдеги мәжилисинде көрип шығылады, дейди бас министр.

ӨзА