Быйылғы пахта жыйын-теримине фермер хожалықларының жумысшылары менен бир қатарда пайтахтымыздың турғынлары да өзлериниң басламасы менен қатнаспақта.

 

Нөкис қаласы ҳәкимлиги қәнигелериниң атап өткениндей, пайтахтымыздағы 58 мәкан пуқаралар жыйынының ҳәр биринен күниге 25-30, шемби ҳәм екшемби күнлери 70-80 адам өз тилеклери менен қатнасып, фермер хожалықларына жақыннан жәрдем бермекте. Айырымлары шаңарақ ағзалары менен пахта атызларына шығып, күнине 200-250 әтирапында дәрамат алмақта. Бул болса олардың материаллық қызығыўшылығын арттырмақта. Көмекшилердиң барып келиўлери ушын арнаўлы автотранспортлар ажыратылған. Соның менен бирге, нураний ата-аналарымыз бундай қайырлы ислерден шетте қалмастан, дийқанларымыздың сонша маңлай терлери менен жетистирилген өнимниң бир де грамын жаўын-шашынлы күнлерге қалдырмастан жыйып-терип алыўда өзлериниң пайдалы ақыл-кеңеслерин берип бармақта.

–Быйыл жылы 20 гектар майданға шигит егип, шәртнамалы режемизди бириншилерден болып орынлап шықтық, –дейди Хожели районындағы «Атанияз-Бабажан» фермер хожалығының баслығы Алтынай Маткаримова. –Бунда Нөкис қаласындағы 20-санлы «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйынынан келген көмекшилердиң мийнети айрықша болмақта. Жыйын-теримге пуқаралар жыйынынан ҳәр күни 50-60 адам қатнаспақта.  Аманияз Юсупов, Сәрбиназ Халилаева, Урзия Тулюбаева, Байрам Худайбергеновлар сыяқлы алдыңғы теримшилер күниге 80-100 килограмм пахта терип, басқаларға өрнек болмақта.

–Ўақтынша жумыссыз едим. Пахта жыйын-теримизде ҳәр күни нақ пул берип атырғанын еситип, өз тилегим менен пахтаға барыўды мақсет еттим,-дейди «Гөне қала» мәкан пуқаралар жыйынының турғыны  Аманияз Юсупов.– Мине, мәўсим басланғанлы берли 1,5 мың тоннадан аслам пахта терип, 1 миллион 300 мыңға жақын пул алдым.

–Жақсы дем алыс мийнет өнимдарлығын арттырады, –дегениндей, республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикаси Мәданият министрлиги, «Ўзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси Қарақалпақтан бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген үгит-нәсият топары ағзалары тәрепинен Ташкент қаласынан келген белгили көркем өнер шеберлери, жазыўшы-шайырлар қатнасында «Ҳармаң, пахтакешлер!», сиясий партиялардан дүзилген үгит-нәсият топары ағзалары тәрепинен «Пахта жыйын-терим мәўсимине белсене қатнасайық!» темаларындағы дөретиўшилик ушырасыўлар, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық илажлары шөлкемлестирилмекте.

Мине усындай илаж Елликқала районындағы «Топыраққала жаслары» фермер хожалығының пахта даласында болып өтти. Онда республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қуўанышбай Юсупов, Өзбек миллий академиялық театрының актрисасы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Мадина Мухтарова, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Элиза Айтниязова, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Дәрибай Хожамбергенов, Қарақалпақстан халық жыраўы, «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Жәнибек Пиязов, Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Улбосын Орынбаева ҳәм басқалар қатнасып, өзлериниң йошлы концерт бағдарламасын қойып берди. Атыз шертегинде теримшилерге медициналық хызмет көрсетилип, банк хызметкерлери тәрепинен терим пуллары тарқатылды.

Бундай мәдений илажлар жыйын-теримге қатнасып атырған теримшилердиң, қала ҳәм район орайларынан келген көмекшилердиң кеўил-кейпиятын көтерип, оларды буннан да жигерли мийнет етиўге руўхландырмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.