Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-октябрь күни елимизге келген Египет Бас имамы, Ал-Азҳар комплексиниң басшысы шайх Аҳмад Муҳаммад Таййибты қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қутлықлап, Египет Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сисидиң усы жылы 4-5-сентябрь күнлери Өзбекстанға әмелге асырған рәсмий сапары еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў жолында тарийхый қәдем болғанын атап өтти.

Ушырасыўда бүгинги күнде муқаддес ислам дининиң кеңпейиллик принциплерин, ағартыўшылық қәдириятларын үгит-нәсиятлаў, оның адамгершилик мәнисин сақлаў, диний-мәнаўий мийрасты изертлеў, ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарында Өзбекстан ҳәм Египетте үлкен жумыслар исленип атырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық» принципи тийкарында исламның жақсы идеяларын заманласларымызға, бириши гезекте, жасларға жеткериў мақсетинде Ташкентте Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Ислам цивилизациясы орайы, Самарқандта Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы Ал-Азҳар университети менен қол қойылған бирге ислесиў меморандумлары диний уламалар, илимпазлар, қәнигели оқытыўшылар ҳәм қабилетли студентлер алмасыўын жолға қойыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Ал-Азҳар қурамында ислам изертлеўлери академиясы, университет, институтлар, жомъе мешити, бир қанша илимий орайларды бирлестирген ири рәсмий диний комплекс болып есапланады.

Египет Бас имамы мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық бидирип, Египет Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сисидиң  шын жүректен сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Аҳмад Таййиб елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға жоқары баҳа берди. Өзбекстанда ислам дининиң тийкарғы мәнисин үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, диний-мәнаўий мийрасты кеңнен ен жайдырыў бағдарында алып барылып атырған сиясатты, БМШ та Президентимиз алға қойған бир қатар басламаларды толық қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Мийман ислам дининиң раўажланыўына үлкен үлес қосқан Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матрудий, Абу Муин Насафий, Маҳмуд Замахшарий сыяқлы уллы илимпазларымыздың бийбаҳа илимий мийрасын биргеликте үйрениў зәрүр екенин атап өтти.

Шайх Аҳмад Таййиб Өзбекстан халықаралық ислам академиясының биринши ҳүрметли профессоры атағаның берилгенлиги өзи ушын үлкен мақтаныш ҳәм ҳүрмет екенин ҳәм жуўапкершилик жүклейтуғынын билдирди.

Египет Бас имамы халықаралық ислам академиясының қурамында Ал-Азҳар университетиниң кафедрасын шөлкемлестириў, египетли белгили илимпазлардың елимизде сабақ бериўи, Ал-Азҳар магистратурасында студент ҳәм жас илимпазларымыздың жеңиллетилген билим алыўы, еки мәмлекет уламаларының бирликтеги Фатво коллегиясын дүзиў ҳәм биргеликте илимий әнжуманлар менен қоспа илажлар өткериў бойынша усынысларды қоллап-қуўатлады.

Жоқары мәртебели диний ғайраткер Египеттиң Өзбекстан менен қатнасықларды тек билимлендириў ҳәм гуманитар тараўларда емес, ал барлық тараўларда избе-из раўажландырыў ҳәм жаңа басқышқа көтериў бағдарындағы ис-ҳәрекетлериниң исенимли екенин атап өтти.

ӨзА