Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм усы жыл 5-июньдеги «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм олардың елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы  қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамыздың жоқарғы оқыў орынларында арнаўлы илажлар өткерилмекте.

Усы жыл 8-октябрьден берли Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме-технологиялары университетиниң Нөкис филиалында студент жаслар ҳәм муғаллимлер арасында «Мобиль қурылмалар ушын программалық қураллар» темасында әмелий шынығыўлар ҳәм мастер класслар болып өтпекте.

Оқыў ҳәм әмелий шынығыўлар негизли Нөкисли аға-инили жигитлер – Австралия мәмлекетиндеги ICONIC компаниясының жетекши программисти Атабек Муртазаев ҳәм Facebook социаллық тармағының Лондондағы офисиниң жетекши программисти Азизбек Муртазаевлар тәрепинен алып барылмақта.

– Сабақларды шөлкемлескенлик пенен алып барыў ушын график дүзилип, дәслеп биринши, екинши курстағы студентлер, соң үшинши, күни кеше төртинши курс студентлери менен муғаллимлерге сабақ өтилди. Сондай-ақ, сабақларға усы тараўға қызығыўшылығы бар басқа да пуқаралар қатнаспақта,-дейди филиалдың оқыў-методикалық бөлиминиң баслығы Ш.Ядгаров. – Қатнасыўшылардың теориялық билимлери әмелий шынығыўлар менен қоса алып барылмақта. Буның ушын филиалымызда барлық шараятлар жаратылды.

Оқыў барысында студентлеримиз мобиль қурылмалар ушын программа жаратыў бойынша билим ҳәм көнликпелерге ийе болмақта.

Бул илажға усы тараўға қызығыўшылығы бар қәлеген адам қатнасыўы мүмкин. Оқыў даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.