«Өзбектелеком» акционерлик компаниясының рәсмий сайтында қалалараралық байланыс ушын бирден-бир тәрип системасы жолға қойылғаны жәрияланды.

Усы хабарда мәлим етилиўинше, «Өзбектелеком» акционерлик жәмийетиниң барлық аймақлық телефон байланысы абонентлери қалалараралық қоңыраўларды әмелге асырыў ушын атап өтилген бирден-бир тәриптен пайдаланылады. Алдын қалалараралық қоңыраўлар баҳасы қосылған қала аралықларын есапқа алған ҳалда минутына 40 сумнан 90 сумға шекем еди, енди олардың баҳасы Өзбекстан бойынша минутына 12 сумды қурайды.

 

Роман Бондарчук, ӨзА