«Ташаббус-2018» таңлаўының Қараөзек районлық басқышы болып өтти.

Таңлаўға райондағы фермерлер, өнерментлер ҳәм исбилерменлер қатнасты. Илаж таңлаў қатнасыўшыларының өнимлери, аўыл-хожалығы ҳәм азық-аўқатлық өнимлери орын алған  саўда ярмаркасы менен басланды.

Онда шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти, фермерлик ҳәрекетин қоллап-қуўатлаўда, исбилерменлердиң билим ҳәм кәсиплик шеберлигин жетилистириўде, алдыңғы тәжирийбелерди ен жайдырыўда бул таңлаў айрықша әҳмийетке ийе. Усындай илажлардың өткерилиўи нәтийжесинде жеке сектордың елимиз экономикасындағы үлеси жылдан-жылға артып бармақта.

Илаж даўамында «Ең жақсы исбилермен», «Ең жақсы өнермент», «Ең жақсы фермер» бағдарлары, «Жылдың ең жақсы исбилермени», «Ең жақсы исбилермен ҳаял», «Ең жақсы инновациялық жойбар», «Жасларға ең көп жумыс орнын жаратқан исбилермен», «Ең жақсы шаңарақлық бизнес ийеси» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.

Таңлаў жеңимпазлары республикалық басқышқа жоллама алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.