Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиние қараслы «Бәркамал әўлад» балалар орайында «Жылдың ең жақсы дөгерек басшысы» таңлаўының республикалық басқышы болып өтти.

Илаждың тийкарғы мақсети, «Бәркамал әўлад» балалар орайлары дөгерек басшыларының арасында саламат бәсекини қәлиплестириў, олардың дөретиўшилик белсендилигин арттырыў, жоқары нәтийжелерге ерисип атырған дөгерек басшыларының ис-тәжирийбелерин кеңнен ен жайдырыўдан ибарат.

Таңлаў қатнасыўшылары тараўға байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер тийкарында дүзилген тест  сынағы,  педагогикалық шеберлик, дөгеректи раўажландырыў концепциясы басқышлары бойынша өзлериниң билим және тәжирийбелерин сынақтан өткерди. Бунда қатнасыўшылардың теориялық билими, оны әмелият пенен байланыстыра алыўы, дөгерек ағзаларының белсендилигин арттырыўға қаратылған педагогикалық шеберлиги,  шынығыўларда  алдыңғы педагогикалық усыллардан  ҳәм көргизбели қураллардан пайдаланыўы, өтип атырған сабағына  ғәрезсизлик идеологиясын сиңдире билиў қәбилети есапқа алынды. Буннан тысқары, шынығыўлардың сапасын арттырыў бойынша жаңа системаны,  жәҳән тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда  дөгерек шынығыўларын өтиўде инновациялық усылларды қолланыўы төрешилер тәрепинен баҳаланып барылды.

Илаж жуўмағында   көркем дөретпелер бағдары бойынша республикалық «Бәркамал әўлад» балалар орайының дөгерек басшысы Гүлзада Аңсатбаева, үлкетаныў ҳәм экология  бағдары бойынша Әмиўдәрья районы «Бәркамал әўлад» балалар орайының дөгерек басшысы Нилуфар Авезова, техникалық дөретиўшилик бағдары бойынша Қоңырат районы «Бәркамал әўлад» балалар орайының дөгерек басшысы  Орынбай Есемуратовлар биринши орынларды ийеледи.

-Оқыўшылардың мектептен бос ўақытларын мазмунлы өткериў бағдарында ислеп атырған мийнетим төрешилер қурамы тәрепинен жоқары баҳаланып, жеңимпаз болғанымнан қуўанышлыман,-дейди «Сүўретлеў өнери» дөгерегиниң басшысы Гүлзада Аңсатбаева.-Оқыўшыларым  республикамыз, соның менен бирге Өзбекстан көлеминде өткерилген жарысларға қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Атап айтңанда, «Бәркамал әўлад келешек тийкары» таңлаўында Өзбекстан көлеминде Тимур Елиўбаев үшинши, «Саламат турмыс тәризи тәрепдарымыз» таңлаўында  Баҳадыр Бердақов екинши, «Жасыл планетамыздың тәғдири өзимиздиң қолымызда» темасындағы сыртқы таңлаўда  Мийирбек Мадреймов биринши, Тимур Елиўбаев екинши, «Саламат әўлад ушын» халық аралық қайырқомлық қоры тәрепинен өткерилген «Жер жүзинде тынышлық» таңлаўында Наргиза Генжебаева биринши орынларды ийеледи. Бундай қоллап-қуўатлаў келешекте  туўылған елине садық хызмет ететуғын бәркамал әўладты тәрбиялаўда маған еле де күш-қуўат бағышлайды.

 

Жеңимпазларға Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды ҳәм олар Ташкент қаласында болып өтетуғын келеси басқышқа жоллама алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).