Усы жыл 19-20-октябрь күнлери республикамызда «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» темасындағы гастрономиялық фестивалы, «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивалы болып өтеди.

Президентимиздиң 2017-жыл 28-февральдағы «2017-2018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң  шөлкемлестириўиндеги илажға ҳәзирги ўақытта қызғын таярлық көрилмекте. Таярлық жумысларының барысы туўралы «Қарақалпақстан улыўма аўқатланыў» кәрханалар бирлеспесиниң баслығы Гүлмирза Юлдашев төмендегилерди мәлим етти:

-Ҳақыйқатында да, усы жыл 6-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.Абдухакимовтың басшылығында Министрлер Кабинетинде болып өткен мәжилис протоколына муўапық илажлар ислеп шығылды,-дейди Г.Юлдашев.-Быйылғы жылы бул фестивальға Ташкент қаласынан, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларынан, Нөкис қаласындағы бир қатар ресторанлардан, республикамыздың барлық районларынан, аспазлық қәнигелин таярлайтуғын кәсип-өнер колледжлеринен балық тағамларын таярлаўдың шебери болған 70ке жақын аспаздың ҳәм маман қәнигелердиң, усы тағамларды таярлаўда тәжирийбеге ийе үй бийкелериниң  қатнасыўы күтилмекте. Хабарыңыз болса, өткен жылғы фестивальда балықтан 112 түрли тағам таярлаған болса, бул рет 120 түрли тағам таярлаў режелестирилмекте.

Илаж бағдарламасына муўапық, балықтан тағам таярлаў бойынша таңлаў өткерилип, оның жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланады. Соның менен бирге «Ең шебер аспаз», «Ең сүйкимли балық тағамы аспазы», «Ең мазалы балық тағамы аспазы», «Ең ески балық тағамы аспазы», «Ең шаққан балық тағамы аспазы», «Ең жас аспаз», «Ең шебер ҳаял аспаз», «Балықтан тағам таярлаў бойынша ең шебер үй бийкеси» сыяқлы номинациялар бойынша да жеңимпазлар анықланады.

«Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» темасындағы халықаралық экофестиваль шеңберинде И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде илимий  конференция өткерилип, Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты музейиниң «Мойнақ экомузейи» филиалының ашылыў салтанаты болып өтеди.

Ҳәзирги ўақытта фестивальлар өтетуғын орынларды абаданластырыў, жолларды оңлаў, Нөкис-Мойнақ жөнелиси бойлап илаждың әҳмийети сәўлелендирилген шақырық-сүренлер таярлаў жумыслары алып барылмақта. Фестиваль илажларын көтериңкилик жағдайында өткериў ушын жоқары профессионаллық шеберлик ҳәм тәжирийбеге ийе сценарист және режиссёрлар, жазыўшы-шайырлар, балетмейстерлер мирәт етилген. Халықаралық әҳмийетке ийе болған илажда белгили эстрада қосықшылары, көркем өнер шеберлери, аяқ ойын жәмәәтлери, халық сазлары ансамбльлери,  миллий ҳәм ески үрп-әдетлеримизди, дәстүр және қәдириятларымызды көрсетиў мақсетинде республикамыздан тысқары Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларынан фольклор-этнографиялық жәмәәтлер қатнасады. Бухара ҳәм Хийўа қалаларына келген сырт ел туристлери де мирәт етиледи. Буннан тысқары, республикамыздан ҳәм Хорезм ўәлаятынан жас художниклер менен өнерментлердиң  сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер мийнетлериниң көргизбеси шөлкемлестириледи.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң тиккелей басшылығында  Аралбойы, соның ишинде Мойнақ районы турғынларының турмыс шараятын жақсылаўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде өткерилетуғын бул илаждың мақсети, республикамыздың өзине тән бай мәдениятын, үрп-әдет және дәстүрлерин халқымыз ҳәм жәҳән жәмийетшилиги арасында кең ен жайдырыў, аймағымыздың туристлик потенциалын арттырыў болып табылады. Соның менен бирге, умытылып баратырған миллий тағамларымызды қайта тиклеўге, оны келешек әўладқа үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.