Бурын хабар етилгениндей, республикамыздың барлық қала ҳәм районларында «Ҳаял-қызлар спорт ҳәптелиги» шеңберинде ғалаба спорт жарыслары даўам етпекте.  

10-октябрь күни пайтахтымыздағы Туран стадионында ҳәптелик шеңберинде спорттың футбол түри бойынша «Жасыл майдан маликалары»  жарысының республикалық басқышы болып өтти.

Онда Нөкис қаласы (2 команда), Әмиўдәрья, Қоңырат, Шоманай (2 команда), Қанлыкөл, Хожели, Тақыятас, Беруний ҳәм Нөкис районынан жәми 11 команда қатнасты.

Спорт жарысын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова ашты.

Жарыс қатнасыўшыларын 11-октябрь «Халықаралық қызлар» күни менен қызғын қутлықлады. Сондай-ақ, өткерилип атырған спорт ҳәптелигинде барлық улыўма билим бериў мектеплериниң, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары, жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери, сондай-ақ, нураныйлар  ҳаял-қызлар да белсене қатнасып атырғанын мақтаныш пенен атап өтти.

Жасыл майданға түскен футболшы ҳаял-қызлар жеңис ушын өз-ара гүрес алып барды.

Жарыс жуўмағында Шоманай районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби командасы биринши, Әмиўдәрья районының командасы екинши, Шоманай педагогикалық колледжи командасы үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы