Бүгин азанда, жергиликли ўақыт пенен 7:48 де Қырғызстанның Қытай менен шегара аймақларында 4,7 магнитудалы жер силкиниўи бақланды.

Қырғызстан Миллий илимлер академиясы сейсмология институтының мағлыўматларына тийкарланып, бул ҳаққында РИА Новости хабар береди.

Атап өтилиўинше, жер силкиниў орайы Оштан 145 километр узақлықта жайласқан. Жер силкиниў күши орайлық ноқатта 4,5 балды қурап, елдиң Нура, Иркештом сыяқлы елатлы пунктлеринде 3-3,5 балл әтирапында сезилген.

Қырғызстан Айрықша жағдайлар министрлиги баспасөз хызметиниң ҒХҚға хабар бериўинше, жер силкиниўде қурбанлар жоқ, ўайраншылықлар болмаған.

Малоҳат ҲАСАНОВА,

ӨзА