«DIP Animation» анимациялық студиясы «Milliy TV»  буйыртпасы тийкарында «Помидор Тақыя» ҳаққында мультипликациялық сериалды сүўретке алыўды баслады, деп хабар бермекте «Kun.uz».

«Помидор Тақыя» – балалар ушын арналған қызықлы мультсериал болып, оның бас қаҳарманы тақыялы помидор. Социаллық тармақларда бул қаҳарманның қатнасыўында ролик жайластырылған еди, бул ролик бир неше миллион мәрте көрилди ҳәм Өзбекстандағы белгили мультқаҳарманға айланды.

Помидор барқулла күлкили жағдайларға түсип қалатуғын қуўнақ ҳәм бейимлесиўши қаҳарман. Мультсериал авторының сөзлерине қарағанда, тамашагөйлер ониң динозавр менен гүресин, космосқа саяхат етиўин, Самарқандтың бийбаҳа ғәзийнелерин табыўын тамаша етеди.

Мультсериалдың биринши мәўсими 10 бөлимнен ибарат болып, «Milliy TV» телеканалы арқалы 2018-жылдың октябринен баслап эфирге бериледи.

 

Интернет материаллары

 тийкарында таярлаған:

Нурлыбек ЖАМАЛОВ