Ҳүкиметлик қарар тийкарында Алиментлерди алдын ала төлеў, сондай-ақ, алимент төлеў миннетлемесин тәмийинлеў бойынша гиреў шәртнамасын дүзиў тәртиби ҳаққындағы реже (устав) тастыйықланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Режеге (устав) муўапық, мәмлекетлик орынлаўшысы жумыс жүргизиўинде болған орынлаў ҳүжжети бойынша қарыздар тәрепинен өндириўшиге алиментлерди алдын ала төлеў есабынан көшпес ямаса көшер мүлк, сондай-ақ, басқа қымбат баҳалы буйым усыныс етиўи мүмкин.

Алиментлер суммасын алдын ала төлеў ямаса алиментлер төлеў миннетлемеси бойынша гиреў дүзиў тек ғана қарыздардың алимент төлемлеринен қарыздарлығы болмағанда әмелге асырылады.

Алимент төлеў бойынша гиреў шәртнамасының дүзилиўи алимент төлеўши шахсқа белгиленген Өзбекстаннан шығыўын ўақытша шеклеўди алып таслаў ушын тийкар болады.

Алиментлерди алдын ала төлеў бала ержеткенге шекем ҳәр қандай дәўир ушын әмелге асырылады.

Буның ушын пуқаралық ислери бойынша судқа арза менен мүрәжат етиледи.

Арзаға Мәжбүрий орынлаў бюросының районлық (қалалық) бөлими тәрепинен берилген алимент төлемлеринен қарыздарлығы болмағанлығы ҳаққында мағлыўматнама, сондай-ақ, мәмлекетлик атқарыўшысының алдын ала төлеў белгиленген алиментлер суммасын есаплаў ҳаққындағы қарары қосымша етиледи.

Алдын ала төлеў белгиленген алиментлер суммасы болса тийисли формула бойынша есапланады.

Сондай-ақ, усы қарар тийкарында алиментлерди төлеў миннетлемесин гиреў тийкарында тәмийинлеў тәртиби белгиленип, оған бола ҳәр қандай мүлк гиреў предмети болыўы мүмкин екенлиги белгиленди.

Бунда гиреў баҳасы ең кем айлық мийнет ҳақының еки жүз елиў есесинен кем болмаўы керек.

Алимент төлеў миннетлемесин гиреў тийкарында тәмийинлеў ҳаққындағы гиреў шәртнамасы нотариал тәртипте тастыйықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги