Балалар түсликке берилген тефтель сорпасына салынған айнып кеткен гөштен зәҳәрленген болыўы мүмкин.
Мырза Улығбек районындағы 433-санлы балалар бақшасының тәрбияланыўшылары болған бул балалар жуқпалы кеселликлер ҳәм басқа да емлеўхаларға жатқарылған. Ҳәттеки олардан бири жанландырыў бөлиминде. Олардың дене ыссылығы 39-40 градустан түспеген, деп хабар бермекте Hordiq.uz сайтында.
Ата-аналардың мағлыўматларына қарағанда бул бақша жабылған деген хабарлар бар. Ҳәм басқа да тәрбияланыўшылар емлеўханаларға алып келинбекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги