Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-октябрь күни Россия Федерациясы Пезиденти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы Владимир Путинди туўылған күни менен қызғын қутлықлап, шын жүректен ҳәм ең жақсы тилеклерин билдирди.

Сөйлесиўде жоқары дәрежедеги ушырасыўлар  ҳәм сөйлесиўлер даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы дослық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық  қатнасықлары жедел пәтлер менен раўажланып ҳәм беккемленип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Өз-ара товар алмасыўдың көлеми жоқары пәтлер менен артпақта, экономиканың әҳмийетли тармақларында, соның ишинде, нефть-газ, энергетика, металлургия, машина қурылысы, электротехника, тоқымашылық, азық-аўқат санааты ҳәм басқа да тараўларда ири инвестициялық жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта.

Тәреплер қол қойылған ҳүкиметлераралық келисимге муўыпық, атом энергиясынан тыныш мақсетлерде пайдаланыў тараўында стратегиялық жойбарды әмелге асырыўға киристи.

Аймақлар арасында туўрыдан-туўры байланыслар және исбилермен топарлардың бирге ислесиўи жеделлести. Усы айда Ташкентте еки мәмлекет аймақлары, жетекши кәрхана ҳәм компаниялары басшыларының қатнасыўында Өзбекстан-Россия биринши аймақлараралық  форумы болып өтеди.

Мәдений-гуманитарлық тараўда әмелге асырылып атырған әмелий илажлар жоқары баҳаланды. Жоқары билимлендириў мәкемелери арасындағы шериклик қатнасықлары жеделлескени атап өтилди. Жақында пайтахтымызда Өзбекстан ҳәм Россия жетекши университетлериниң ректорлары ҳәм профессор-оқытыўшыларының қатнасыўында биринши қоспа билимлендириў форумы болып өтеди.

Мәмлекет басшылары Россия Федерациясы Президентиниң Өзбекстан Республикасына мәмлекетлик сапарын өткериў менен байланыслы мәселелерди додалады. Халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Сөйлесиў соңында Президентлер Өзбекстан менен Россияның узақ мүддетли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын, өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм беккемлеў бойынша умтылыслары исенимли екенин атап өтти.

ӨзА