Быйылғы жылда 53 мың гектар майданға бийдай туқымын сеўип, бәлент қырман шашлаўды нийет еткен қарақалпақстанлы ғәллекешлер бийдайдың орым-жыйын мапазына пуқта таярлық көрмекте.

Өткен жылы гүзде 3378 фермер хожалығының ғәллекешлери 85 мың 300 тонна ғәлле жетистириў мақсетинде жерге туқым сепкен еди. Бийдай атызларында алып барылған агротехникалық қағыйдаларға сай илажлар нәтийжесинде мол зүрәәт жетистирилди. Болық масақлар сарғайып, писип жетилисти. Санаўлы күнлерден соң халқымыздың ырысқы несийбеси болған қырмызы дәнди орып-жыйнап алыў ислери баслап жибериледи.

Усы мүнәсибет пенен орынларда бийдайдың орым-жыйын мапазы алдынан таярлық жумысларының барысына бағышланып көргизбели семинар-кеңеслер өткерилмекте.

Елликқала районының Әмирабад аўылындағы «Сувир олақайиш» фермер хожалығының далаларында өткерилген көргизбели семинарға аўыл хожалығы тараўының қәнигелери, машина-трактор парклериниң басшылары, фермерлер ҳәм оларға хызмет көрсетиўши шақапшалардың ўәкиллери қатнасты.

Район бойынша быйыл  262 фермер хожалығының атызларына бийдайдың «Краснодар», «Яксарт», «Половчанка» сыяқлы жоқары өнимли сортлары егилди.

Илажда жетистирилген бийдай зүрәәтин зая етпей орып-жыйнап алыў ушын зәрүрли илажлар режесине муўапық ҳәр бир ғәлле атызларында, қырман ҳәм қоймаханаларда, элеваторларда өрттиң алдын алыў илажларының көриў зәрүрлиги атап өтилди.

Көргизбели семинар-кеңесте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ернизязов шығып сөйлеп, ғәлле орым-жыйын мапазында кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти. Быйылғы ғәлле орым-жыйын мапазында республика бойынша 185 жоқары өнимли комбайнлер, 310 жүк тасыў автомашинасы, 712 транспорт тракторы, 990 трактор тиркемелериниң қатнасыўы режелестирилди. Бул техникалар 104 отрядқа бирлескен ҳалда зүрәәтти ҳеш зая етпей орып-жыйнап алыўда ҳәм түйеклеўде қатнасады. Бийдай орағы 20 июньде басланады.

Мине усындай мапаз алдынан таярлық жумысларының барысына бағышланған көргизбели семинар кеңеслер Төрткүл, Беруний ҳәм Әмиўдәрья районларында да болып өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги