Өзгидромет 9-10октябрь күнлери Өзбекстанның таўлы аймақларында қар жаўатуғыны ҳәм ҳаўа райы 0 градусқа шекем төменлейтуғыны ҳаққында мәлим еткен еди.

Кеше түнде Өзбекстанның Жиззаҳ ўәлаятындағы Замин районының таўлы аймақларында биринши қар жаўғаны ҳаққында Интернет басылымларында хабарлар тарқамақта.

Сондай-ақ, Қашқадәрьядағы Китоб өткелинде де 8-октябрь күни таўлы аймақларда қар жаўғаны ҳаққында хабарлар тарқамақта.

Биринши қар менен, әзиз ўатанласлар!

Нурлыбек ЖАМАЛОВ,

ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының

4-курс студенти