Усы жыл 8-октябрь күни Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесинде  «7 октябрь – Дүнья жүзилик Мүнәсип мийнет күни» мүнәсибети менен тийисли министрлик, комитет, басқарма ҳәм мәкемелер ўәкиллериниң қатнасыўында дөгерек сәўбети өткерилди.

Дөгерек сәўбетинде Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси юридика бөлиминиң меңгериўшиси П.Турсинов, Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бас қәнигеси Б.Турсунов, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының бөлим баслығы А.Сейтов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың барысында мийнет ҳуқықларының әҳмийети, пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты системасы концепциясы, мийнет уйымлары структурасын жетилистириў ҳәм пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў, мийнетти қорғаў системасын беккемлеў бағдарындағы жумысларға кеңнен тоқтады. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясы ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәниси туўралы түсиник берди.

Атап өтилгениндей, пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты системасын реформалаў концепциясы арқалы пенсия тәмийнаты жумысларын еле де жетилистириў, пенсия тәмийнатының нормативлик-ҳуқықый базасын беккемлеў, ондағы социаллық әдиллик принциплериниң нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, елимизде салық сиясатын жетилистириўде әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатарда, пуқаралардың мийнет ҳуқықлары менен мийнетти қорғаў мақсетинде жумыс бериўшилер ҳәм кәсиплик аўқамлары арасында конструктивлик орталық, бирге ислесиў жолға қойылған.

Өзбекстанда кәсиплик аўқамларына жумыс бериўшилердиң мийнет нызамшылығына әмел етиўи үстинен жәмәәтлик қадағалаўды орнатыў, мийнеткешлердиң ҳуқықларын қорғаў, жәмәәтлик сөйлесиўлерди алып барыў бойынша өз ўазыйпаларын алып барыўда кең ҳуқықлар берилген.

Халықаралық мийнет шөлкеми менен бирликте Өзбекстанда 2017-2020-жыллар ушын мүнәсип мийнет бойынша мәмлекетлик бағдарламаның избе-из әмелге асырылып атырғаны үлкен әҳмийетке ийе. Бүгинги күнде елимизде миллий нызамшылық ҳәм ҳуқықты қорғаў әмелиятына халықаралық мийнет стандартларын имплементациялаў бойынша системалы илажлар әмелге асырылып, бул халықаралық мийнет шөлкеми тәрепинен тән алынбақта.

Илажда бул бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға кеңнен тоқтап өтилди.

Дөгерек сәўбетинде күн тәртибиндеги мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.