Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев    2018-жыл 5-октябрь күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлектимиз басшысы Тәжикстан Президентин туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, беккем денсаўлық, ығбал-бахыт ҳәм табыслар тиледи.

Тәреплер турақлылыққа ийе жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер  мәмлекетлеримиз арасындағы дослық байланысларын ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеўге хызмет етип атырғанын қанатланыўшылық пенен атап өтти.

Усы жыл 17-18-август күнлери Тәжикстан Республикасы Президентиниң мәмлекетимизге мәмлекетлик сапары шеңберинде өткерилген нәтийжели сөйлесиўлер, олардың жуўмағы бойынша ерисилген келисим ҳәм қол қойылған еки тәреплеме ҳүжжетлер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажланыўдырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл  27-28-сентябрь күнлери ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисине қатнасыўы ушын Душенбеге әмелий сапары шеңберинде өткерилген ушырасыў ҳәм сөйлесиўлердиң нәтийжелери атап өтилди.

Бүгинги күнде саўда-экономикалық байланыслар жедел раўажланбақта. Өз-ара саўда көлеми артып, ҳәр қыйлы тармақларда кооперация, транспорт-коммуникация тараўындағы байланыслар беккемленбекте, аймақлар арасындағы бирге ислесиў қатнасықлары жеделлесип, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңеймекте.

Тәреплер бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм ерисилген келисимлердиң орынланыўын толық тәмийинлеўде еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрлик ҳәм уйымлары дәрежесинде турақлы әмелий сөйлесиўлер зәрүрлиги атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы көп әсирлик дослық байланыслары, жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик принциплерине тийкарланған көп қырлы өз-ара пайдалы байланысларды ҳәр тәреплеме кеңейтиў бойынша умтылыслары исенимли екенин атап өтти.

ӨзА