Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тарийх-география факультетиниң 4-курс студенти Аълохон Абдуллаева усы жылдың 12-14-октябрь күнлери Ферғана қаласында өткерилетуғын биринши халықаралық «MODEL III» конференциясына делегат сыпатында қатнасады.

Конференцияға қатнасыў ушын 150 делегат ҳәм 40 халықаралық студент сайлап алынды.

«MODEL III» халықаралық конференциясында тийкарынан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Шанхай Бирге ислесиў Шөлкеми ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының тынышлық ҳәм қәўипсизлик мәселелери бойынша ислеп шыққан модельлери делегатлар және қәнигелер тәрепинен додаланады.

Конференцияда қатнасыў арқалы делегатлар дипломатиялық тараўда тәжирийбе арттырыўы ҳәм өз билимлерин жетилистириўи күтилмекте.

Конференция дипломатиялық мәселелер бойынша пикирлесиў ҳәм өз ара тәжирийбе алмасыў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.