Өзбекстан Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм үй қапталы қыйтақ жер ийелери кеңесиниң фермер ҳәм ҳәзирети дийқанларымызға, әзиз нураныйларға, мәҳәлле пуқаралар жыйынларының баслықлары менен белсендилерине, бәрше Ўатанласласларымызға жоллаған мүрәжааты Өзбекистан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.

Атап айтқанда, бул мүрәжаттың мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде «Пахта жыйын-терим мәўсимине белсене қатнасайық» сүрени астында бир қатар мәдений илажлар өткерилмекте. Партияның басламасы менен дүзилген республикамыз мәденият хызметкерлери, белгили жазыўшы-шайырлар ибарат топар ағзалары Шоманай районы «Дийқанабад» АПЖ, Қанлыкөл районы «Бескөпир» АПЖ ҳәм Қараөзек районы «Бердақ» АПЖларында жыйын-терим жумысларына қатнасып атырған пахтакешлер арасында болып, ҳармасын айтты. Көркем-өнер шеберлери тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилип, кеўиллерин көтерди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28-февральдағы «Пахта шийки заты ҳәм масақлы дән жетистириўди қаржыландырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары      аўыл хожалығында қаржыландырыў ҳәм өз-ара есап-санақлар механизмлерин түп-тийкарынан жетилистириў, сол тийкарда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер ҳәм оларға хызмет көрсететуғын кәрханалардың қаржы-экономикалық жағдайын жақсылаў, рентабельлигин арттырыўға хызмет етпекте. Пахта жыйын-терим жумысларына 18 жасқа толмаған жасларды, мәкеме ҳәм кәрхана хызметкерлериниң мәжбүрий мийентке тартылмаўы, терилген пахта ушын тийисли мийнет ҳақылардын берилиўи, мийнет өнимдарлығын арттырыў мақсетинде тиккелей атыз басларында шараятлардың жаратылып берилиўи пахтакешлерге, өз тиллеги менен барған көмекшилерге күш-жигер бағышламақта.

-Бундай илажларды өткериўдеги мақсет, жыйын-терим жумысларына қатнасып атырғанларға бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды жигерли мийнет етиўгет руўхландырыў болып табылады,-дейди Өзбекистан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары Нөкисбай Ғаниев.-Солай етип, дийқанларымыздың машақатлы мийнети нәтийжесинде жетистирилген пахтаны қысқа мүддетте жыйнап алыўға өзлеримизлдиң үлесимизди қосыўдан ибарат.

Илаж соңыда пахта жыйын-теримине белсенен қатнасып атырғанларға Өзбекистан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баҳалы саўғалары тапсырылды.

Бундай мәдений илажлар даўам етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.