Өзбекстан Республикасы Президенти администрациясы баслығының орынбасары – Президент баспасөз хаткери Комил Алламжонов 3-октябрь күни еки лаўазымынан да азат етилди. Ол мәмлекетлик хызмети даўамында денсаўлығы төменлеп атырғаны себепли өз қәлеўи менен ийелеп турған лаўазымларынан азат етилиўин сорап мүрәжат еткен. Бул ҳаққында Турон24 агентлиги хабарына тийкарланып, Daryo.uz хабар бермекте.

Комил Алламжонов Президенттиң 27-августтағы пәрманы тийкарында Президент администрациясы баслығының орынбасары етип тайынланған еди. Алламжонов Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери ҳәм Президент атқарыў аппараты баслығының орынбасары лаўазымында 2017-жылдың декабрь айынан берли ислеп киятырған еди.

34 жаслы Комилжон Алламжонов Өзбекстан көркем өнер ҳәм мәденият институты (2006-жыл) ҳәм Ташкент мәмлекетлик экономика университети (2010-жыл) питкериўшиси есапланады. 2005-2013-жыллары Мәмлекетлик салық комитетиниң мәлимлеме хызметине басшылық еткен, 2009-2013-жыллары комитеттиң баспасөз хаткери де болған. Ол Автотест автомектеби, «Солиқ-инфо» газетасы, бухгалтерлик хызметти автоматластырыў бойынша «ВЕМ» бағдарламасы ҳәм басқа жойбарлардың тийкарын салыўшысы болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги