Усы жылдың 23-25-сентябрь күнлери Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Владимир Норов басшылығындағы делегация Бельгияда болды.

Сапар етиў шеңберинде Европа сыртқы жумыс хызмети, Европарламент ҳәм Бельгия Патшалығы парламентинде сөйлесиўлер өткерилди. Европарламент, Европаның Азия изертлеўлер институты ҳәм Қубла Азия демократия форумында дөгерек сәўбетлери болып өтти.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, Президент Шавкат Мирзиёевтиң Орайлық Азия бойынша жүргизип атырған регионаллық сиясаты, елимиздиң сыртқы сиясатындағы принциплер ҳәм тийкарғы бағдарлар додаланды. Өзбекстан – Бельгия қатнасықларының бүгинги жағдайы, Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасындағы стратегиялық бирге ислесиўди раўажландырыўдың перспективалары бойынша пикир алысылды.

Европалы шериклер елимиз турмысының барлық қатламларында жүз берип атырған жедел өзгерислерге жоқары баҳа берди. Өзбекстан ҳүкиметиниң нызам, инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери үстинлигин тәмийинлеў бағдарындағы ис-ҳәрекетлери толық қоллап-қуўатланатуғыны атап өтилди. Бельгиялы сиясаттаныўшылардың сөзлерине қарағанда, қысқа ўақыт ишинде елимизде демократияластырыў тараўында үлкен нәтийжелерге ерисилген, орынларда Президент қабыллаўханаларын шөлкемлестириў арқалы мәмлекет пенен халық арасында нәтийжели қарым-қатнас орнатылған, парламентте әҳмийетли мәселелер бойынша тыңлаўлар шөлкемлестириў механизми енгизилген, пуқаралардың диний ҳуқықлары тәмийинленбекте ҳәм ҳәзирги ўақытта халық арасында радикалласыўға шек қойылмақта.

Ҳүкиметимиздиң ис-ҳәрекети менен елимизде исбилерменлик орталығы сезилерли дәрежеде жақсыланды, миллий экономикамызды модернизациялаўға ҳәм либералластырыўға қаратылған реформалар әмелге асырылды, киши ҳәм орта бизнес жедел раўажланбақта. Өзбекстанда жоқары өсим пәтлери бақланбақта, елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша нәтийжели илажлар қабыл етилмекте. Бул болса халықтың мәмлекетке ҳәм алып барылып атырған реформаларға исенимин беккемлемекте.

Европа ўәкиллеринде Өзбекстанның халықлар ҳәм динлераралық татыўлығын тәмийинлеў бағдарындағы тәжирийбеси айрықша қызығыўшылық оятты. Орайлық Азияда жетисип шыққан ислам дүньясы ойшылларының бай мәнаўий мийрасын ғалаба ен жайдырыў, ислам дининиң тийкарғы мазмун-мәнисин жаслар арасында үгит-нәсиятлаў бойынша Өзбекстан басламаларының әҳмийетлилиги айрықша атап өтилди.Барған сайын ҳәўиж алып атырған радикализм ҳәм экстремизм қәўиплери Өзбекстан тәжирийбесин үйрениў, оны Бельгия ҳәм Европа Аўқамының басқа да мәмлекетлерине енгизиў пайдасын тийгизетуғынын көрсетпекте.

Европа ўәкиллериниң пикиринше, Президент Шавкат Мирзиёев жүргизип атырған сыртқы сиясат Орайлық Азияда исеним орталығын қәлиплестириў, регионаллық бирге ислесиў ҳәм қәўипсизликти раўажландырыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша Арнаўлы ўәкили П.Бурианның атап өтиўинше, бир неше жыл бурын регион мәмлекетлери арасында жедел бирге ислесиўди көз алдымызға келтириўдиң өзи қыйын еди. Ҳәзирги тенденция Орайлық Азияда қәўипсизликти беккемлеў, экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыўдың тәрепдары болған Европа Аўқамының мәплерине толық сәйкес келеди.

Ҳәзирги ўақытта П.Буриан Европа Аўқамының суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қоры жумыс нәтийжелилигин арттырыў бағдарында Орайлық Азия еллерине жәрдем көрсетиўге таяр екенин билдирди.

Дөгерек сәўбетинде атап өтилгениндей, Европа Аўқамы Өзбекстанның Орайлық Азиядағы регионаллық бирге ислесиў процесслерине Аўғанстанды тартыў бойынша ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайды. Брюссель бул бағдарда Ташкент пенен бирге ислесиўден мәпдар.

Европа ўәкиллери Ҳәрекетлер стратегиясы Өзбекстан – Европа қатнасықларын стратегиялық шерикликтиң жаңа басқышына алып шығыў ушын үлкен имканият екенин айрықша атап өтти. Олардың айтыўынша, Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша стратегиясы және Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў келисимин жаңалаў бул бағдарда әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.

Европалы ўәкиллердиң пикиринше, Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў келисими экономикалық характерге ийе ҳүжжет болады ҳәм ол нызамшылықты жетилистириў, халықаралық нормалар ҳәм стандартларды қолланыў, Өзбекстанда исбилерменлик орталығын жақсылаўды нәзерде тутады. Европа Аўқамы мәмлекетимиз өнимлериниң Европа базарындағы орнын кеңейтиўге таяр екени атап өтилди.

Ушырасыўлардың жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги жанындағы Халықаралық қатнасықлар бойынша мәлимлеме-таллаў орайы менен Европаның Азия изертлеўлери институты және Қубла Азия демократиялық форумы арасында бирге ислесиў меморандумларына қол қойылды. Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы түрде эксперт додалаўларын өткериў бойынша келисимлерге ерисилди.

 

ӨзА