Мине оқыў жылы тамамланып, балалардың дем алыс дәўири басланды. Бул дәўирде олардың ўақытларын кеўилли ҳәм мазмунлы түрде  өткериўди шөлкемлестириў, денсаўлықларын беккемлеў бойынша тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен бир қатар илажлар алып барылмақта.

Усы мақсетте республикамыздың пайызлы жерлеринде жайласқан 6 стационар, 20 күндизги дем алыў орайларында таярлық жумыслары алып барылып, бүгинги күни дем алыўға келгенлердиң биринши гезегин күтип алмақта.

5-июнь күни пайтахтымызда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң шөлкемлестириўинде Елликқала районындағы «Арал балалары», Төрткүл районындағы «Лашын», Тақыятас қаласындағы «Айдын жол» стационар дем алыс орайларына 420 баланы шығарып салыў мәресими болып өтти.

Быйылғы реже бойынша республикамызда жайласқан стационар дем алыс орайларында  12 күннен ибарат болған 5 гезекте мәўсим даўамында жәми 3740 бала дем алып, саўалландырылады. Ал, күндизги дем алыс орайларында 7420 баланың ўақытларын кеўилли ҳәм мазмунлы өткериў ушын барлық шараятлар жаратылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.