Сентябрь айының ақырында Индонезияның Сулавеси провинциясында избе-из  жер силкиниў ҳәм цунами болып, оның биреўинде жер силкиниўи 7,4 баллға жеткени айтылған еди. Цунами апатшылығы ақыбетинде 1234 адам қайтыс болып, жүзге жақыны бийдәрек жоғалды, көплеген адам жарақат алған. Тәбийғый апат 60 мыңнан аслам жергиликли халықты өз баспаналарын таслап кетиўге мәжбүр етти.

Сәршемби күни избе-из жәбир шегип атырған Индонезияның Сулавеси атаўында вулкан атылды.

Бул ҳаққында Kуodo агентлиги хабарламақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги