Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикалық басқармасының мағлыўмат бериўинше, басқарма тәрепинен өткерилген илаж даўамында Қанлыкөл районындағы «Қ.А.Б» ЖШЖниң баслығы М.С. (жәмийеттиң аты өзгертип берилмекте) қурылыс жумысларында электр энергиясынан нызамсыз пайдаланып келгенлиги анықланған.

Атап айтқанда, ол пайдаланған электр энергиясының муғдарын азайтып көрсетиў мақсетинде, улыўма пайдаланыўдағы электр энергиясы есаплағышларын дизимнен өткермей турып 8 ай даўамында пайдаланып келген.

Оның усы дәўирдеги мәмлекетке көрсеткен зыяны 21 миллион 519,7 мың сумды қураған.

Ол усы ҳәрекетлери менен менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 1852-статьясы 2-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислеген болса да, оған нызам менен белгиленген бир ай мүддеттте материаллық зыянды толық қаплағаны ушын оның қарсысына топланған ҳүжжетлер бойынша ЖПКниң 84-статьясы 1-бөлиминиң 8-бәнтине муўапық жынаят исин қозғаўды бийкарлаў ҳаққындағы қарар қабыл етилген.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.