Жасыратуғыны жоқ, айырым пуқаралар электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм ишимлик суў тармақларын нызамға қайшы түрде өзбасымшалық пенен орайлық тармақларға жалғап ямаса басқа усыллар менен мәмлекетлик мүлкти талан-тараж етеди. Бирақ, олардың бул ислери анықланып, нызамбузыўшыларға тийисли шара көрилмекте.

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикалық басқармасының мағлыўмат бериўинше, жақында, көп муғдарда мәмлекетлик мүлкке зыян келтирилген еки факт анықланып, нызамбузыўшылар тийисли жазаға тартылды.

Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы «Қурылыс буйымларын ислеп шығаратуғын кәрхана» ЖШЖниң баслығы С.Н. (жәмийеттиң аты өзгертип берилмекте) ишимлик суў тәмийнаты тармағынан нызамсыз түрде пайдаланбақшы болып, ол улыўма пайдаланыўдағы ишимлик суў тармағына тийисли тәртипте шәртнама дүзбестен, суў есаплағыш үскенесин орнатпай турып өзбасымшалық пенен жалғап пайдаланып келген.

Басқарма тәрепинен өткерилген илаж даўамында бул кәрхананың өткен дәўир даўамында 21 миллион 545,2 мың сумлық ишимлик суўынан нызамсыз түрде пайдаланғанлығының ақыбетинде мәмлекет мәплерине әдеўир муғдарда зыян келтиргени анықланды.

Сондай-ақ, илаж даўамында Нөкис қаласындағы «ҚҚ.А.Л» ЖШЖ баслығы У.Д да (жәмийеттиң аты өзгертип берилмекте) тап усы түрдеги жынаятты ислеп, кәрханасын улыўма пайдаланыўдағы суў тармағына нызамсыз жалғап алғаны анықланған. Оның мәмлекетке келтирген зыяны 45 миллион 180,2 мың сумды қураған.

Бул аты аталған кәрхана басшылары өзлериниң ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 1852-статьясы 2-бөлиминде нәзерде тутылған жынаятты ислеген болса да, оларға нызам менен белгиленген материаллық зыянды толық қаплағаны ушын олардың қарсысына топланған ҳүжжетлер бойынша ЖПКниң 84-статьясы 1-бөлиминиң 8-бәнтине муўапық жынаят исин қозғаўды бийкарлаў ҳаққындағы қарар қабыл етилген.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.