Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20-сентябрь күни өткерилген «Дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўын және де раўажландырыў бойынша алдағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында»ғы мәжилис протоколы тийкарында Қарақалпақстан Республикасында усы жылдың 1-6-октябрь күнлери «Жаслар спорт ҳәптелиги» деп жәрияланды.

Ҳәптелик шеңберинде 3-октябрь күни Нөкис қаласындағы Көп тармақлы Манеж спорт сарайында барлық жоқары оқыў орынлары студентлеринен дүзилген сайланды командалар арасында спорттың мини футбол түринен жарыс шөлкемлестирилди.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыста Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы командасын 7:0 есабында жеңген Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студентлери ҳәм Ташкент Педиатриялық медицина институты Нөкис филиалы жасларын жеңип шыққан Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлери менен өз ара финалда ойнады.

Финал ойынында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасының қолы бәлент келип, 4:2 есабы менен қарсыласларын жеңип шықты ҳәм жарыс жеңимпазы болды.

Жеңимпазлар жарыс шөлкемлестириўшиси есапланған Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен таярланған саўғалар менен сыйлықланды.

Жарысқа спортшыларды ассистент-оқытыўшы Қулмурат Кенжебаев таярлады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.