Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-апрельдеги «2017-2021-жылларда турмыслық шығынлар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, 5-июнь-Дүньяжүзилик қоршаған орталықты қорғаў күни мүнәсибети менен республикамызда «Экология ҳәптелиги» илажы өткерилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, «Экосан» экология ҳәм саламатлық халықаралық қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан аймақлық шөлкеми, басқада мәпдар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген ҳәптелик шеңберинде экология, қоршаған орталықты, ҳайўанатлар ҳәм өсимликлер дүньясын қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, халқымыз, әсиресе жаслар арасында экологиялық тәрбия, үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық жумысларын еле де жетилистириў бағдарында бир қатар илажлар, спорт жарыслары, таңлаўлар шөлкемлестирилмекте.

«Балалар футболы күни»

Атап айтқанда, пайтахтымыздағы «Туран» стадионында халықаралық балаларды қорғаў күнине бағышланған «Балалар футболы күни» фестивалы болып өтти. «Футболға дәслепки қәдем» темасында өткерилген илажда жетекши футболшылар ҳәм тренер тәрепинен киши жастағы мектеп оқыўшылары ушын ашық сабақлар, жас футболшыларға мастер класс өткерилип, олардың арасынан ең қәбилетлилери дөгереклерге қабыл етилди. Фестиваль қатнасыўшыларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен сертификатлар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

«Экология ҳәм мен»

Пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында «Экология ҳәм мен» темасында өткерилген конференцияда   балалар арасында «Экология ҳәм мен», «Экология балалар нәзеринде» темаларында шығарма жазыў ҳәм сүўрет салыў бойынша таңлаў өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды.

«Рәңбәрең бояўлар дүньясында»

Ҳәптелик шеңберинде халықаралық балаларды қорғаў күнине бағышланып сүўрет салыў бойынша «Рәңбәрең бояўлар дүньясында» темасында таңлаў болып өтти. Қарақалпақстан Республикасы Майыплар жәмийети тәрепинен шөлкемлестирилген илаж қатнасыўшыларына қәўенлерлер тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Экологиялық шембилик

Республикамызда 3-июнь күни Экологиялық шембилик өткерилди. «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы», сондай-ақ Дүньяжүзилик қоршаған орталықты қорғаў күнине бағышланып өткерилген илаж даўамында республикамыздың барлық қала ҳәм районларында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары алып барылды.

«Экология ҳәм саламатлық»

6-июнь күни пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Өзбекистан Арнаўлы Олимпиадасы» спорт жәмийетлик бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен  имканияты шекленген балалар арасында «Экология ҳәм саламатлық» темасында спорт жарыслары өткериледи. Жеңил атлетика ҳәм шашка бойынша өткерилетуғын жарыс жеңимпазларына «Экосан» экология ҳәм саламатлық халықаралық қайырқомлық жәмийетлик фондының Қарақалпақстан аймақлық шөлкеми, Кореяның халықаралық бирге ислесиў KOICA  шөлкеми тәрепинен саўғалар тапсырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги