Мәмлекетимиз базарларында 1 килограмм мал гөши 28 мыңнан 41 мың сумға шекем болған баҳаларда сатылмақта. Ең арзан баҳалар бир айдан берли Нөкис қаласы Орайлық дийқан базарында бақланып атырған еди. Усы ҳәптеде бул базардағы 1 килограмм мал гөшиниң баҳасы республикадағы басқа базарлардан арзан болса да, деген менен 2 мың сумға қымбатлағанын көриў мүмкин, деп хабар бермекте Өзбекстан миллий мәлимлеме агентлигиниң сайтында.

Еслетип өтемиз, Нөкис қаласы Орайлық дийқан базарында 1 килограмм мал гөши 28 мың сумнан 41 мың сумға шекем сатылмақта.

 ТАЎЫҚ ГӨШИ ҚЫМБАТЛАДЫ МА?

 

Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар және Ташкент  қалалық бөлимлери  орайлық базарларда сатылып атырған (азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы) өнимлердиң өткен ҳәптедеги баҳаларын жәриялады.

Онда 2018-жылдың 30-сентябрь ҳалатына баҳалардағы өзгерислерди салыстырмалы түрде бақлаўға болады.

Бақлаўлар мәмлекетимиз базарларында таўық гөшиниң бираз қымбатлағанын көрсетпекте, деп хабар бермекте ӨзА.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги