Facebook социаллық тармағындағы «Ўзбекистон Республикасы Халқ фикри» топарына 30 D 224 NA «Cпарк» басқарыўшысының машина айнасынан аяғын шығарып рульди басқарып баратырғаны сәўлеленген видео жайластырылды.

Топар админи Фарҳод Исмоилов Самарқанд ўәләятлық ишки ислер басқармасына «Ким екен бул мәдениятлы?» деп мүрәжатын қалдырған. Автомобиль номери ҳәм бул посттан билиў мүмкин, бул жағдай Самарқанд көшелериниң биринде бақланған.

Ҳәзирше ишки ислер басқармасы тәрепинен бул ўақыяға ҳеш қандай мүнәсибет билдирилмеген.

Еслетип өтемиз, жақында Facebookта кишкене баласын дизесине отырғызып писте шағып машина басқарып баратырған ҳаял видеосы кең жәмийетшиликтиң талқылаўына себеб болған еди.

Ташкент қаласы ИИББ тәрепинен ҳаялға тийисли шаралар көрилген.

 

Интернет материаллары

тийкарында таярлаған:

Нурлыбек ЖАМАЛОВ.