Бүгин, 3-октябрь күни, саат 08:20да қарийларымыз Мадина қаласында болып өтетуғын абырайлы халықаралық жарысқа қатнасыў ушын жөнеп кетти, деп хабар бермекте Өзбекстан мусылманлар мәкемеси баспасөз хызмети.

Бул жарыс Муҳаммед саллаллаҳу алейҳу ва салламның мешитлеринде 40 жылдан берли биринши рет өткерилмекте.

Бул абырайлы жарыста елимизден еки қатнасыўшы ҳәм бир баҳалаўшы төреши қатнасады.

Олар:

– Ташкент Ислам институты «Таҳфизул-Қуръон» кафедрасының баслығы аға оқытыўшы Жаҳангир қарий Неъматов (баҳалаўшы төреши);

– Ташкент Ислам институтының студенти, «Өзбекстан Қуран жарысы 2018» жеңимпазы Жолдасбай қарий Нуриддинов (30 параны ядтан оқыў бағдары қатнасыўшысы);

– Кўкалдош орта арнаўлы Ислам билим журтының студенти Абдурраҳман қарий Сўфиев (15 Параны ядтан оқыў бағдары қатнасыўшысы).

Еслетип өтемиз, халықаралық жарысқа 82 мәмлекеттен 115 адам қатнасады. Саудия рәсмий ғалаба хабар қуралларының берген мағлыўматларына қарағанда, жарыс 6-октябрьде басланып, 11-октябрьге шекем даўам етеди.

Ўәкиллеримиздиң қатнасыў сәнеси шек таслаў жолы менен анықланады.

 

Интернет материаллары тийкарында таярлаған:

Нурлыбек ЖАМАЛОВ