Коммерциялық банклер микрокредит шөлкемлери менен бирге микроқарызлар бериў ҳуқықына ийе болды, деп хабар бермекте Gazeta.uz. Тийисли өзгерислерди киргизиў Өзбекстан Республикасы Сенаты тәрепинен 27-сентябрьдеги 16-улыўма мәжилисте тастыйықланды.

Микроқарыздың суммасы ең кем айлық мийнет ҳақының 100 есесине шекемги муғдарда болыўы мүмкин ҳәм тийкарынан нақ формада 1 жылға шекемги мүддетке бериледи.

Соның менен бирге, жылына қарыз алыныўы мүмкин болған муғдардың ярымынан көбисин қурайтуғын суммадағы микрофинанслық хызметлерин көрсетиў келисимлери бойынша процентлер есапланыўы, комиссиялық төлемлер ҳәм жәриймалар өндирилиўи және басқа жуўапкершилик шараларының қолланылыўын қадаған етеди.

– Банклер микроқарызлар бериў ҳуқықын қолға киргизип атырғаны усы тараўдағы бәсеки орталығын жақсылайды. Сондай-ақ, адамлар ҳәттеки алыс аймақларда да усы хызметлерден пайдаланыўы мүмкин болады. Бул микроқарызлардың процентлик ставкалары базар шараятында қәлиплесиўине де алып келеди. Айрым банклер әллеқашан микроқарызлар бериўди баслады, бул процентлик ставкалары 62 проценттен орташа еки есе төменлеўине алып келди, – деди Орайлық банк ўәкили.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги