Нөкисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик қордың қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясының шөлкемлестириўинде «Социаллық шериклик ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-майдағы «Елимизди демократиялық жаңалаў процесинде пуқаралық жәмийети институтларының ролин түп тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы  пәрманының орынланыўын тәмийинлеўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов басқарып барды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик қордың директоры О.Хусанов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Ж.Садықов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жоқарыда атап өтилген Нызам ҳәм пәрманның орынларда орынланыў барысы, ушырасып атырған машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

 

Атап өтилгениндей, Пәрманда елимиздиң ҳәр тәреплеме ҳәм жедел раўажланыўында пуқаралық жәмийети институтларының ролин ҳәм әҳмийетин түп-тийкарынан арттырыў, олардың мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары менен бирге ислесиўин күшейтиў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдарламасы бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген ўазыйпаларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў белгиленген.  Усы ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанында Пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша мәсләҳәт кеңеси шөлкемлестирилип, оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди. Соның менен бирге, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге бир қанша жеңилликлер бериў нәзерде тутылған.

Пәрман талапларынан келип шыққан ҳалда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының усы жыл  18-майдағы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жанында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары мәселелери бойынша турақлы комиссия және мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры шөлкемлестирилди. Турақлы комиссия ҳәм жәмийетлик қор мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын буннан былайда раўажландырыўға, елимизде демократиялық өзгерислерди әмелге асырыўға, оларды қаржыландырыў дәреклерин қәлиплестириўге хызмет етеди.

-Илажды өткериўдеги мақсет, пәрманда белгиленген ўазыйпаларды биргеликте әмелге асырыў, бул бағдарда ушырасып атырған машқалалардың шешимин табыў болып табылады,-дейди Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик қордың директоры Отабек Хусанов-Соның менен бирге, аймақларда «Социаллық шериклик ҳаққында»ғы Нызамның орынланыўын тәмийинлеў, жаңадан шөлкемлестирилген турақлы комиссияның ҳәм жәмийетлик қордың  жумысларын қоллап-қуўатлаў, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик қор тәрепинен жәрияланған 5 ҳәм 6-грант таңлаўларын үгит-нәсиятлаўдан ибарат. Соның менен бирге, парламент комиссиясы тәрепинен жақын күнлерде мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў, халқымыз арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша жәрияланатуғын киши грант таңлаўлары бойынша кең түрде түсиник берилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.