Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары басқармасы, Миллий ҳуқық қорғаў мәкемелериниң Глобаллық альянсы ўәкиллеринен ибарат делегация ағзалары менен ушырасыў болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының 2017-жыл 16-июньдеги  Қоспа қарары менен тастыйықланған БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары басқармасы менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға байланыслы илажлар режесине тийкарланып, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (Омбудсман) Миллий ҳуқықты қорғаў мәкемелериниң Глобаллық альянсына қосылыўы мәселеси додаланды.

Атап өтилгениндей, инсан ҳуқықлары, еркинликлерин тәмийинлеўге қаратылған реформалар халқымыздың мәплерине хызмет етпекте. Бул бағдардағы ис-ҳәрекетлердиң нәтийжесинде инсан ҳуқықларын қорғаў миллий системасында да түпкиликли өзгерислер жүз бермекте. Бул институтлардың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарлары, инсан ҳуқықларын қорғаў механизмлери түп-тийкарынан жаңаланбақта.

Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилди. Нызамға киргизилген өзгерислер менен қосымшаларға муўапық Ўәкилге инсан ҳуқықлары және еркинликлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етиў үстинен парламентлик қадағалаўды тәмийинлеўде жаңа ўәкилликлер берилди.

Атап айтқанда, бул нызам менен Омбудсманның нызам үстинлигин ҳәм әдалатты беккемлеўге байланыслы ҳуқықлары кеңейтилди. Енди Омбудсман Өзбекстан Республикасы Конституциялық суды көрип шығыўы ушын нызамға муўапық мәселелер киргизиў, пуқаралардың мәплерин гөзлеп арзалар және даўалар менен судларға мүрәжат етиў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң анықланған бузылыўларын, оларға имканият жарататуғын  себеплер  және шәртлерди сапластырыў ҳаққында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да  шөлкемлердиң басшыларына белгиленген мүддетлерде көрип шығыў мәжбүрий болған усыныслар киргизиў сыяқлы ҳуқықларға ийе болды.

Олий Мажлиситиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң Миллий ҳуқықты қорғаў мәкемелериниң Глобаллық альянсына қосылыўы инсан ҳуқықларын, еркинликлерин тәмийинлеўге қаратылған реформаларды жаңа басқышқа алып шығады және инсан ҳуқықларын қорғаў механизмлерин жетилистириўге хызмет етеди.

Илажда Омбудсманның жумысына байланыслы бир қатар мәселелер додаланды.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы