Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳиндистан Республикасы Президенти Рам Натҳ Ковиндтиң мирәт етиўи бойынша 30-сентябрь – 1-октябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен усы елде болды.

Сапар етиўдиң екинши күни «Раштрапати Бхаван» сарайында мәмлекетимиз басшысын рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Мәмлекетимиз басшысы ҳүрметли қараўыл алдынан өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев бул жерде мәмлекетимиз ҳәм Ҳиндстан ғалаба хабар қураллары ушын қысқаша билдириў жасады.

Мәмлекетимиз басшысы Ҳиндстан Президенти ҳәм Бас министрине мирәт ушын миннетдаршылық билдирип, халықларымызды тарийхый байланыслар, уқсас дәстүрлер, руўхый ҳәм мәдений жақынлық байланыстырып туратуғынын атап өтти.

Бүгинги күнде Ҳиндстан жедел раўажланбақта, заманагөй келбетке ийе болмақта. Оның қүдиретли мәмлекет ҳәм экономикасы раўажланған ел сыпатында дүньядағы орны барған сайын беккемленбекте. Бул мәмлекет, әсиресе, технологиялар, инновациялар, санаат, программаластырыў, денсаўлықты сақлаў, хызмет көрсетиў тараўларында алдыңғы орында есапланады.

Биз жоқары дәрежедеги ушырасыўларымыздың нәтийжесинде жеделлесип атырған Өзбекстан – Ҳиндстан қатнасықларының бүгинги барысын жоқары баҳалаймыз. Бул сапар етиў ҳәм нәтийжели сөйлесиўлеримиз мәмлекетлеримиздиң стратегиялық шериклигин жаңа басқышқа алып шығыў имканиятын береди, деди Президентимиз.

Буннан соң Шавкат Мирзиёев Нью-Дели қаласында «Раж Гхат» естелигине жағылған мәңгилик от жанына гүллер қойды.

Моҳандас Карамчанд Ганди Ҳиндстан миллий азатлық ҳәрекетиниң уллы басшысы «гандилик» идеясының тийкарын салыўшы болып табылады. Ол өз ўатынының миллий ғәрезсизлиги ушын гүрескен ҳәм Ҳиндстанда колонияға шек қойған инсан сыпатында қәдирленген. Маҳатма Ганди туўылған күн – 2-октябрь миллий байрам сыпатында кеңнен белгиленеди. Бул естелик комплекси оның мәмлекети ҳәм халқы алдындағы хызметлерине ҳүрметтиң көриниси сыпатында қурылған.

Шавкат Мирзиёев уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткердиң естелигине ҳүрмет көрсетти, комплекстиң ҳүрметли мийманлар китабына қол таңба жазып қалдырды.

Ҳайдарабад сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Модидиң тар шеңбердеги ушырасыўы болып өтти.

Сөйлесиў ўақтында атап өтилгениндей, өзбек ҳәм ҳинд халықларын тарийхый ҳәм мәдений уқсаслық байланыстырып турады, стратегиялық шерикликти раўажландырыў ҳәм көплеген бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да жеделлестириў ушын беккем тийкар бар.

Өзбекстан менен Ҳиндстан халықаралық майданда, соның ишинде, БМШ ҳәм ШБШ шеңберинде бир-бириниң басламаларын қоллап-қуўатлайды. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша тәреплердиң позициялары уқсас ямаса жақын.

Халықаралық терроризм, диний экстремизм, нызамсыз миграция, наркотиклердиң нызамсыз айланысы, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық, сондай-ақ, басқа да регионаллық ҳәм глобаллық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме структуралар шеңберинде бирге ислесиўди еле де раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ушырасыўда Өзбекстан менен Ҳиндстан арасындағы сиясий, экономикалық, инвестициялық, инновациялық, транспорт, энергетика, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды, регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алысылды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Бас министр Нарендра Моди сөйлесиўди еки мәмлекет рәсмий делегацияларының кеңейтилген қурамдағы сөйлесиўинде даўам еттиреди.

Ҳиндстан үлкен экономикалық имканиятларға ийе, санааты раўажланған мәмлекет. Жалпы ишки өним көлеми бойынша дүньяда алтыншы орында турады. Жоқары технологиялар, инновациялар, программаластырыў, денсаўлықты сақлаў, хызмет көрсетиў тараўларының раўажланыўына үлкен итибар қаратып атырған мәмлекетимиз ушын Ҳиндстан тәжирийбеси ҳәм технологиялары айрықша әҳмийетке ийе. Ҳиндстан ушын да избе-из раўажланып, инвесторларды қоллап-қуўатлап атырған Өзбекстан перспективалы шерик болып табылады.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў мәмлекетлеримиз қатнасықларының тийкарғы бағдарларынан бири болып табылады. Бүгинги күнде Өзбекстанда Ҳиндстан инвестициясының қатнасыўында 145 кәрхана жумыс алып бармақта. Олардың 58 и толық сырт ел капиталының есабынан қурылған. 2018-жылдың биринши шерегинде Ҳиндстан инвестициясының қатнасыўында 9 кәрхана шөлкемлестирилгени ҳинд исбилерменлериниң елимизде белсендилиги артып атырғанын дәлиллейди.

Президентимиздиң сапары алдынан өткерилген еки мәмлекет жуўапкер министрликлери менен уйымлары және исбилермен топарларының қоспа бизнес-форумында улыўма нырқы 3 миллиард доллардан аслам болған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Сөйлесиўде саўда, экономика, инвестициялар, жоқары технологиялар, медицина, фармацевтика, туризм ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўдиң жаңа имканиятлары додаланды.

Бул бағдарда еле пайдаланылмаған имканиятлар көплиги, бул сапар етиў өз-ара пайдалы Өзбекстан – Ҳиндстан қатнасықларына жаңа пәт бағышлайтуғыны атап өтилди. Бунда еки мәмлекет аймақлары арасындағы тиккелей байланысларды жеделлестириў айрықша әҳмийетке ийе.

Нью-Делиде өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында қол қойылған ҳүжжетлерди өз-ара алмасыў мәресими болып өтти. Онда Өзбекстан – Ҳиндстан сөйлесиўиниң жуўмағында еки мәмлекет бирге ислесиўин ҳәр қыйлы тараўларда жаңа, және де жоқары басқышқа алып шығыўға қаратылған 20 ҳүжжетке қол қойылғаны  атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳиндстан Республикасы Бас министриниң Бирликтеги билдириўи қабыл етилди.

Дипломатиялық паспорт ийелерин виза талапларынан азат етиў, туризм, аўыл хожалығы, илим-техника ҳәм инновациялар, космосты изертлеў ҳәм оннан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў, нәшебентлик қураллары, психотроп затлар ҳәм прекурсорлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў, денсаўлықты сақлаў ҳәм медицина илими тараўларында бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисимлерге қол қойылды.

Буннан тысқары, әскерий билимлендириў, ҳуқық ҳәм әдиллик, фармацевтика тараўларындағы қатнасықларды раўажландырыўға байланыслы өз-ара түсинисиў меморандумлары қабыл етилди. Қол қойылған ҳүжжетлердиң арасында  Өзбекстан – Ҳиндстан исбилерменлик кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге, сондай-ақ, Әндижан ўәлаяты менен Ҳиндстанның Гужарат штаты, Самарқанд ҳәм Агра қалалары арасында бирге ислесиў ҳәм шерикликти жолға қойыў, Әндижан ўәлаятында Еркин фармацевтика зонасын шөлкемлестириў ҳаққындағы түсинисиў меморандумлары айрықша әҳмийетке ийе.

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын өткерилген брифингте Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Ҳиндстан менен байланысларға үлкен әҳмийет қарататуғын, әмелий руўхта өткен сөйлесиўлер тәреплердиң өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екенин тастыйықлағанын атап өтти. Еки мәмлекет арасындағы товар алмасыўдың көлемин 1 миллиард долларға жеткериўге келисип алынғаны атап өтилди.

Дәстүрий дослық руўхында өткен бүгинги сөйлесиўлер еллеримиз ҳәм халықларымыздың мәплери жолында умтылысларымыз исенимли екенин көрсетти. Ашық-айдынлық, өз-ара түсинисиў ҳәм мәплерге ҳүрмет тийкарында қурылған бирге ислесиўимиз беккемленип атырғанын жоқары қәдирлеймиз, деди мәлекетимиз басшысы.

Биз Өзбекстан Президенти менен еллеримиздиң бирге ислесиўин ҳәр тәреплеме додалап, оның перспективалы бағдарларын белгилеп алдық. Өз-ара саўдада преференцияларды қолланыў, информациялық технологиялар, аймақлараралық бирге ислесиў ҳәм басқа да бир қатар мәселелер бойынша нәтийжели келисимлерге еристик, деди Ҳиндстан Бас министри.

Мәмлекетимиз басшысы ҳинд халқына жоқары ҳүрмет-иззеттиң нышаны сыпатында Нарендра Модиге уллы ойшыл Робиндранат Тагордың өзбек тилинде басып шығарылған 8 томлық шығармалар топламын саўға етти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Нью-Дели қаласында өзи ушын ажыратылған резиденцияда Ҳиндстан Республикасы сыртқы ислер министри Сушма Сваражди қабыл етти.

Сөйлесиўде мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан менен Ҳиндстан арасында дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Быйыл тәреплердиң умтылысының нәтийжесинде өткерилген ушырасыўлар, бир қатар делегациялар алмасыўлары мәмлекетлераралық бирге ислесиўди еле де беккемлеўге  хызмет етип атырғаны жоқары баҳаланды.

Шавкат Мирзиёев усы мәмлекетлик сапарына таярлық көриўде Свараж ханымның хызметлери үлкен екенин атап өтип, жоқары дәрежедеги ушырасыўлар еллеримиз арасындағы дәстүрий дослық қатнасықларында жаңа дәўирди баслаўға, еки тәреплеме бирге ислесиўди және де жоқары басқышқа көтериўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Нью-Дели қаласында өзи ушын ажыратылған резиденцияда Ҳиндстан Республикасы вице-президенти, сенат баслығы Венкая Найдуды қабыллады.

Ушырасыўда мәмлекетлеримиздиң байланысларын раўажландырыўдың  ҳәр қыйлы мәселелери, өз-ара бирге ислесиўдиң ҳуқықый тийкарларын беккемлеў мәселелери ҳаққында пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысы «Раштрапати Бхаван» сарайында Ҳиндстан Республикасы Президенти Рам Натҳ Ковинд пенен ушырасты.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Ҳиндстан Республикасына мәмлекетлик сапары жуўмақланды. Бул сапар етиў, онда ерисилген нәтийжелер еллеримиз арасындағы қатнасықлар тарийхынан айрықша орын ийелейтуғыны ҳәм өз-ара бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтеретуғыны сөзсиз.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы

Ташкент – Нью-Дели – Ташкент.