Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 27-28-сентябрь күнлери Душанбе қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы Мәмлекетдиң басшылары кеңесиниң мәжилисине қатнасты.

Саммиттиң тийкарғы илажлары 28-сентябрь күни болды.

Душанбедеги «Кўҳи Сомон» сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон күтип алды.

Дәслеп мәмлекет басшылары тар шеңберде ушырасыў өткерди. Онда Дослық Аўқамы шеңбериндеги бирге ислесиўди және де беккемлеў, бул структураның жумысын жетилистириў, регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысылды.

Өткен жылы Өзбекстанның ҒМДА шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўи пүткиллей жаңа басқыш болғанын атап өтиў керек. Бул усы шөлкемге ағза мәмлекетлер менен ҳәр қыйлы тараўлардағы байланысларды буннан былай да беккемлеў ҳәм раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Дослық Аўқамы еллери менен саўда-экономика, инвестиция, транспорт, туризм, илим, билимлендириў ҳәм қәўипсизлик тараўларындағы бирге ислесиў беккемленбекте.

Президентимиз дүнья жүзинде жедел өзгерислер жүз берип, глобал қәўип-қәтерлер күшейип атырған бүгинги күнде Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеў ушын әҳмийетли майдан болып хызмет етип атырғанын атап өтти.

Өзбекстан машина қурылысы, энергетика, электротехникасы, тоқымашылық, фармацевтика санааты ҳәм аўыл хожалығы тараўындағы кооперацияны буннан былай да кеңейтиўдиң тәрепдары.

Саўда-сатық  ҒМДА мәмлекетлериниң бирге ислесиўинде әҳмийетли орын ийелейди. Президентимиздиң басламасы менен 2017-жыл 3-ноябрь күни Ташкентте биринши мәрте өткерилген ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилиси де ағза мәмлекетлер арасында өз-ар исенимди ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў, Дослық Аўқамы шеңберинде жаңа, анық жойбарлар ислеп шығыўда үлкен әҳмийетке ийе. Мәжилисте ағза мәмлекетлер арасында саўда-экономикалық қатнасықларды раўажландырыўға байланыслы 20 ға шамалас мәселе көрип шығылды.

Кейинги еки жылда мәмлекетимиз бенен ҒМДА мәмлекетлери арасындағы товар алмасыўдың көлеми турақлы өспекте.

Шавкат Мирзиёев бул ҳаққында сөз етип, бажыхана тәртип-қағыйдаларын имканы болғанынша жеңиллетиў, саўдадағы барлық шеклеўлерди, соның ишинде, техникалық тосқынлықларды сапластырыў зәрүрлигин, ҒМДА еркин саўда зонасының толық түрде жумыс алып барыўын ҳәм өз-ара базарларды қәлиплестириў, сондай-ақ, қысқа ўақытта Дослық Аўқамы мәканында хызметлер сатыў бойынша еркин зонаны жаратыў зәрүрлигин атап өтти.

– Халықаралық ҳәм регионаллық коридорлардан нәтийжели пайдаланыўға қаратылған ис-ҳәрекетлеримизди даўам еттириў, бунда өз-ара тариф преференцияларын бериўдиң бирден-бир механизмин енгизиў, барлық түрдеги транспортларда жүк тасыўда талапларды унификациялаў ҳәм ҳәр қыйлы тосқынлықларды сапластырыў, логистика орайларын раўажландырыў үлкен әҳмийетке ийе, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Машина қурылысы, энергетика, электротехникасы, тоқымашылық, фармацевтика санааты ҳәм аўыл хожалығында бирге ислесиўди, соның ишинде, өз-ара өним жеткерип бериўде «жасыл коридорлар»дан кеңнен пайдалана отырып, раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Аймақлараралық ҳәм шегараалды бирге ислесиўди кеңейтиў де үлкен әҳмийетке ийе. Бул ҒМДА мәмлекетлери ҳәм халықлары арасында көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықларды беккемлеўге хызмет етеди.

Тәреплер ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер жумысын муўапықластырыў, ҒМДА мәканында қәўипсизликке қәўиплердиң өз ўақтында алдын алыў мақсетинде нәтийжели бирге ислесиўди тәмиийнлеў мәселелерин додалады.

Президентимиз жаслар арасында радикалласыў машқаласына тоқтап өтип, билимлендириў, ағартыўшылық, жас әўладты социаллық қоллап-қуўатлаў, жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў ҳәм өмирде өз орнын табыўы ушын шараят жаратыў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Мәмлекетлеримизди бирлестирип туратуғын әҳмийетли күш болған мәдений-гуманитарлық байланысларды буннан былай да раўажландырыў, мәнаўий қәдириятларды қәстерлеп сақлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Тар шеңбердеги ушырасыўда 2019-жылы ҒМДАға басшылық және Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисин өткериў орны ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды. Қабыл етилген қарар бойынша, келеси жылы Дослық Аўқамына басшылық Түркменстанға өтти. Өзбекстан Республикасы шөлкемге жәрдемши баслық етип белгиленди.

Мәмлекет басшылары сөйлесиўлерди кеңейтилген қурамда даўам еттирди.

Онда ҳәр қыйлы тараўларда көп тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыўдың перспективаларына байланыслы кең көлемли мәселелер додаланды.

Космосты изертлеў ҳәм тыныш мақсетлерде пайдаланыў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы ҒМДА конвенциясы және 1941-1945-жыллардағы Уллы Ўатандарлық урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығына таярлық көриў ҳәм оны белгилеў бойынша тийкарғы илажлар режеси мақулланды.

ҒМДАға ағза мәмлекетлер Мәмлекет басшыларының 1948-жыл 10-декабрьдеги Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығы мүнәсибети менен билдириўи, 2019-2023-жылларға мөлшерленген жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша қоспа илажлар мәмлектелераралық бағдарламасы, Информациялық технологиялар тараўындағы жынаятларға қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиў ҳаққындағы келисим ҳәм басқа да ҳүжжетлер қабыл етилди. Сондай-ақ, 2021-жылды ҒМДАда архитектура ҳәм қала қурылысы жылы деп жәриялаў ҳаққында қарар қабыл етилди. Жәми 16 ҳүжжетке қол қойылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Тәжикстанға сапары жуўмақланды. Душанбе халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Тәжикстан Республикасы Бас министри Қоҳир Расулзода шығарып салды.

Алоуиддин ҒАФФАРОВ,

ӨзА ның арнаўлы хабаршысы

Ташкент-Душанбе-Ташкент.