ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен партияның тийкарғы буўыны болған басланғыш партия шөлкемлериниң жумысларын буннан былай да жанландырыў, электорат қатарын және де кеңейтиў, партияның идеялық мақсет ҳәм бағдарламаларын үгит-нәсиятлаў бойынша орынларда ушырасыўлар өткерилмекте.

Жақында, олар тәрепинен жақында өз жумысын баслаған «Hamkor pro export» ЖШЖге саяхат шөлкемлестирилди.

Буннан мақсет – усы исбилерменлик субъектиниң жумыслары менен жақыннан танысыў, партияның бүгинги күнде алып барып атырған жумыслары туўралы кең түрде мағлыўмат берип, исбилерменлер ушын мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған шараятлар, қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлардың әҳмийетин түсиндириў болып есапланады.

Илажда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов шығып сөйлеп, партия тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларға кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнге шекем партия қатарына республикамыз бойынша 19 мың 937 пуқара ағзалыққа қабылланған. Олар партияның 815  төменги буўынларына бекитилип, жумыс ислемекте. Партияның электораты  тийкарынан исбилермен ҳәм фермерлер болып, тийкарғы ўазыйпа – олардың мәплерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

Илажда «Hamkor pro export» ЖШЖ жанынан жаңа басланғыш партия шөлкеми шөлкемлестирилди ҳәм оған БПШ гүўалығы тапсырылды.

Бул жәмийет Европа стандартларына толық жуўап беретуғын өнимлерди ислеп шығаратуғын «IMZO» компаниясының Қарақалпақстандағы ең дәслепки рәсмий диллери болып есапланады. Бул жәмийет усы күнде үй ҳәм офислер ушын алюмин ҳәм пластиклерден айна, қапы, сыртқы дийўал ушын арнаўлы айналар, ДСПдан қапылар ислеп шығармақта.

Илаж қатнасыўшылары кәрхананың жумыслары менен жақыннан танысып, партияға ағза болған жумысшыларға партияның гүўалықлары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.