USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 18 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

УЛЫЎМАЛЫҚ ТАРИЙХҚА ИЙЕ ҚАТНАСЫҚЛАРДЫҢ ЖАҢА БАСҚЫШЫ

Нью-Дели, 30-сентябрь, ӨзА ның арнаўлы хабаршысы Матназар ЭЛМУРОДОВ хабар етеди.

 

 Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳиндстан Республикасы Президенти Рам Натҳ Ковиндтиң мирәт етиўи бойынша 30-сентябрь күни мәмлекетлик сапар менен усы елге келди.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Ҳиндстанның ески пайтахты Агра қаласына барды. Шавкат Мирзиёев зайыбы менен дүньяға белгили  Таж Маҳал архитектуралық естелигин зыярат етти.

Ўзбекистон Президенти Тож Маҳал меъморий обидасини зиёрат қилди

Дүньяның жети әжайыбатынан бири деп тән алынатуғын бул естелик уллы патша ҳәм шайыр Заҳириддин Мухаммед Бабурдың әўлады Шах Жәҳән тәрепинен өмирлик жолдасы Мумтоз Маҳал естелигине бағышлап 1632-1653-жыллары қурылған.

60ceeb87-c500-ed33-36c9-ca6523ad3992.jpg

Шах Жәҳәнниң ҳүкимдарлық еткен жыллары Ҳиндстанда бабурийлер салатанатының ең гүллеген, алтын дәўири болып есапланады. Ҳәммемизге белгили, Заҳириддин Мухаммед Бабур ҳәм оның әўладлары Ҳиндстанда саўда, илимниң раўажланыўы, дөретиўшилик, абаданлыққа үлкен итибар қаратқан. Аградан тысқары басқа қалаларда да көплеген имаратлар, мешитлер, мақбаралар қурдырған. Усы естеликлер ишинде Таж Маҳал өзиниң тарийхы, гөзаллығы, саўлаты, дүнья архитектуралық көркем өнериниң бийтәкирар дәстүрлерин өзинде жәмлегени менен айрықша ажыралып турады. Сол себепли, бул жерден жергиликли зыяратшылар менен сырт ел туристлериниң қәдеми үзилмейди.

Президентимиздиң Ҳиндстанға мәмлекетлик сапарын усы комплекс зыяратынан баслаўында терең мәни бар. Таж Маҳал-өзбек ҳәм ҳинд халықлары ушын бирдей қәдирли естелик, еллеримиздиң улыўмалық тарийхының белгиси болып табылады.

Мақбара зыяраты ўақтында Қуран оқылды.

Президентимиз ҳиндстанлы рәсмий шахслар менен сөйлесиўде Өзбекстанда да ески естеликлер, муқаддес зыярат орынларының көплиги, еки ел арасында саяхатшылардың барды-келдисин кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев комплекстиң уллы дәрежели мийманлар китабына қол таңбасын жазып қалдырды.

Күнниң екинши ярымында Президентимиз Ҳиндстан пайтахты Нью-Дели қаласына барды.

9b0dc9b6-49b2-4fdd-99a5-0ba3488892a6.jpg

Мәмлекетимиз басшысы ҳинд халқының дәстүрлерине тән түрде күтип алынды.

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан делегациясы ушын ажыратылған резиденцияда Ҳиндстанның жетекши компанияларының басшылары менен ушырасты. Онда Ҳиндстан сыртқы ислер мәмлекетлик министри Мобашар Жавад Акбар, Ҳиндстанның елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Винод Кумар, Ҳиндстан санаатшылар конференциясының бас директоры Чандражит Баннержи, сондай-ақ,«Apollo Hospitals Enterprise Ltd», «ONGC Videsh Ltd», «Sun Group», «Indorama Corporation», «Hero Enterprise Ltd», «Cadila Pharmaceuticals Ltd», «Lakshmi Machine Works Ltd» сыяқлы абырайлы компаниялардың басшылары қатнасты.

Сөйлесиўде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар сырт ел инвесторларының елимизде өз бизнесин жолға қойыўы ушын кең имканият жаратып атырғаны атап өтилди.

Ҳиндстанлы бизнесменлер елимизде исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталықтың еле де жақсыланып атырғаны елимиздиң жетекши компаниялары менен бирге ислесиўди кеңейтиў, жоқары технологиялы бирликтеги жойбарларды әмелге асырыўға үлкен қызығыўшылық оятып атырғанын атап өтти.

Сапар етиў алдында Нью-Делиде өткерилген бизнес-форум еки ел исбилермен шеңберлериниң бирге  ислесиўи ушын нәтийжели майдан болды. Бул форумда саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўлардағы еки тәреплеме байланысларды раўажландырыў, соның ишинде, Өзбекстан – Ҳиндстан исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Сапар етиўдиң тийкарғы ўақыялары 1-октябрь күни болып өтеди. Президентимиз Шавкат Мирзиёев Ҳиндстан Республикасы Президенти Рам Натҳ Ковинд, Бас министр Нарендра Моди ҳәм сол елдиң басқа басшылары менен бир қатар ушырасыўлар ҳәм пикир алысыўлар өткереди.

Сапар етиўдиң жуўмағында Өзбекстан Президенти ҳәм Ҳиндстан Бас министриниң бирликтеги билдириўиниң қабыл етилиўи, Өзбекстан-Ҳиндстан қатнасықларын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў ушын ҳуқықый тийкарларды беккемлеўге ҳәм кеңейтиўге қаратылған мәмлекетлерарлық, ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық салмақлы ҳүжжетлерге, еллеримиз аймақлары менен мәкемелери арасында келисимлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.

ӨзА