29-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.

Байрам кешесинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов ҳәм институт ректоры Б.Отемуратов шығып сөйлеп, институттың барлық профессор-оқытыўшыларын байрам менен қызғын қутлықлады.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов института бир неше жыллардан берли жемисли мийнет етип, елимиздиң раўажланыўы ушын әдиўли хызмет етип киятырған 11 профессор-оқытыўшы – математика оқытыў методикасы кафедрасының доценти Г.Қайыпназарова, мийнет тәлими кафдерасының үлкен оқытыўшысы М.Аманбаев, зоология, адам морфофизиологиясы ҳәм оны оқытыў методикасы кафдерасының баслығы, доцент Ш.Алламуратов, тарийх-география факультети деканының оқыў ислери бойынша орынбасары А.Жолдасов, факультетлер аралық дене тәрбиясы кафедрасының баслығы ў.ў.а А.Ережепов, улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасы баслығы Т.Утебаев, инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы К.Бабажанова, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графика кафдерасы үлкен оқытыўшысы Ғ.Мәмбетқадыров, қарақалпақ тили кафдерасының үлкен оқытыўшысы Б.Қурбанбаева, институт докторанты Қ.Мәмбетов, институттың «Тумарис» халық ансамбли балетмейстери А.Рейпназаровларға  «Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў ағласы» көкирек белгисин салтанатлы жағдайда тапсырды.

Сондай-ақ, келешек әўладқа жоқары билим бериўдей уллы иске мүнәсип үлес қосып киятырған бир топар педагог кадрлар институт ректораты тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлықлары және байрам саўғалары менен сыйлықланды.

Буннан соң институттың «Тумарис» халық ансамбли ҳәм қәбилетли студентлер атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлардың итибарына усынылды. Байрам мүнәсибети менен профессор-оқытыўшылар ушын байрам дастурханы жайылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.