4 күн даўамында пайтахтымызда болған «Friends»  шөлкеми ағзалары тәрепинен денсаўлығында туўма кемшилиги бар 44 балаға операция исленди, 350 бала маман педиатр тексериўинен өткерилди ҳәм 450 үлкен жастағы пуқара улыўма әмелий шыпакерлер тәрепинен бийпул тексерилди. Оларға тийисли дәри-дәрмақлар тарқатылды ҳәм шыпакерлик мәсләҳәтлер берилди.

Қубла Корея Республикасының мәмлекетлик емес коммерциялық емес «Friends» шөлкеми 2009-жылдан берли ҳәр жылы гүзде келип, қайырқомлық акциясы шеңберинде республикамыз турғынларына медициналық жәрдем көрсетеди. Ҳәр жылы қәниге шыпакерлер 30-35 баланың жақларындағы туўма аномалияларды (қоянжырықты, қатты ҳәм жумсақ таңлайлардағы нуқсанларды) бийпул операция ислейди. Быйыл хирурглардан тысқары терапевт, лор, педиатр, невролог ҳәм стоматологлар да келип, балаларды ҳәм олардың ата-аналарын медициналық тексериўден өткерди.

Олар пайтахтымыздағы Республикалық көп тармақлы балалар медициналық орайында район ҳәм қалалардан келген наўқасларды медициналық тексериўден өткерди. Операцияға мүтәж балалар емлеўханаға жатқарылып, оларға операция әмелияты исленди.

Медициналық тилде хейлопластика, ринопластика ҳәм дермопластика деп аталатуғын операция әмелиятлары тиккелей «Dr.Park’s Plastic Clinic» емлеўханасының директоры, пластик хирург Пак Джин Соктың басшылығында әмелге асырылды.

Сондай-ақ, 2009-жылы Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен Қубла Корея Республикасының «Friends» шөлкеми арасында дүзилген меморандум шәртлерине бола, шөлкемниң маман стоматологлары пайтахтымыздағы 2, 24, 25, 18, 28, 19, 38-санлы улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшыларына стоматологиялық жәрдем көрсетип, олар арасында саламат турмыс тәризи бойынша түсиник жумысларын алып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң усынысы менен ҳәр жылы және бир мектеп шөлкем менен шәртнама дүзиўи мүмкин. Быйыл шөлкем менен Нөкис қалалық  38-санлы улыўма орта билим бериў мектеби арасында да үш жылға шәртнама дүзилди.

Шыпакерлер бул мектеплерде оқыўшыларға тис пастасы, тис щёткасы, фторлы суйықлық тарқатып, аўыз бослығын дурыс тазалаў, саламат турмыс тәризи бойынша сәўбетлесиў өткерди.  Быйыл 4 мыңнан аслам оқыўшы менен түсиник жумыслары әмелге асырылды.

Сондай-ақ, бул илажлар менен бирге усы мектеплердиң барлығында «Аўыз бослығының саламатлығы күни» атамасында фестиваль шөлкемлестириледи. Фестиваль даўамында «тислерди дурыс тазалаў», «тислерди таза услаў бойынша ең жақсы гүрриң», усы тема бойынша «ең жақсы көркем дөретпе», «ең жақсы сахналық көринислер» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Фестивальдың мақсети – балаларға «өзиң тислериңди ҳәм аўыз бослығын таза услаўға үйрендиң бе, енди инилериң менен сиңлилериңе де, досларың және қоңсыларыңа ҳәм басқа да жақынларыңа үйрет» деген идеяны сиңдириў болып есапланады.

 

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.